Ташкент қаласын комплексли раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленди

    Сиясат 16 желтоқсан 2025 812

    Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 16-декабрь күни Ташкент қаласын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў, қала орталығын жақсылаў ҳәм халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.

    Бәринен бурын, пайтахтымызда әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы шығарылды. Кейинги жыллары Ташкент қаласында кең көлемли өзгерислер жүз бергени атап өтилди.

    Өткен тоғыз жылда қала экономикасына 20 миллиард доллардан аслам тиккелей сырт ел инвестициялары кирип келди, 5 мыңға шамалас ири жойбарлар әмелге асырылды. Тиккелей сырт ел инвестицияларының көлеми халықтың жан басына 2017-жылдағы 71 доллардан 2,2 мың долларға жетти.

    Кең көлемли дөретиўшилик жумыслары, жаңа саўда, хызмет көрсетиў ҳәм кеўилашар объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы "түнги экономика"ның раўажланыўына түртки берди. Күни-түни ислейтуғын саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң саны 3 мыңнан асты.

    Ташкентке 1 мың заманагөй электробус ҳәм автобуслар алып келинип, 168 жаңа жөнелис ашылды. Қосымша 33 километр метро линиясы ҳәм 21 жаңа станция қурылды. Яшнабад, Мирабад, Сергели, Янгиҳаёт ҳәм Юнусабад районларындағы 1 миллионға шамалас халық ушын метро хызметлери әдеўир қолайластырылды.

    Улыўма етип айтқанда, пайтахтымыз экономикасы соңғы тоғыз жылда 2,5 есеге өсип, усы жылы 27 миллиард долларға жетеди. Халықтың жан басына дәраматы 4 мың 400 доллардан 8 мың 600 долларға шекем артады.

    Нәтийжеде кәмбағаллық дәрежеси жыл басындағы 7,3 проценттен 1 процентке, жумыссызлық болса 4,5 проценттен 3,5 процентке азаяды. Солай етип, Ташкент қаласында кәмбағаллық ҳәм жумыссызлық көрсеткишлери тәбийғый дәрежеге шығады.

    Пайтахтымыздың турақлы халқы ҳәр жылы орташа 100 мыңға көбейип, 2030-жылға барып 3,5 миллионнан артыўы прогноз етилмекте. Онда жалпы аймақлық өним көлемин 52 миллиард долларға, халықтың жан басына дәраматларды дерлик еки есеге арттырыў режелестирилген.

    Бул мақсетлерге ерисиў ушын қала ҳәкими, оның орынбасарлары ҳәм 12 район ҳәкимлери белсенди ҳәм системалы ислеўи, Ташкент қаласының турақ жай фонды, транспорт, энергетика, билимлендириў, медицина ҳәм хызмет көрсетиў инфраструктурасын раўажландырыў бойынша көзқарасларды дүньяның заманагөй мегаполислери стандартлары тийкарында қайта көрип шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

    Усы мүнәсибет пенен ири мегаполислерде басшылық тәжирийбесине ийе болған қәнигелерди ҳәким мәсләҳәтшиси сыпатында тартыў усынысы мақулланды. Олардың көп жыллық тәжирийбесине сүйенип, Ташкент қаласын избе-из қаржы, алдынғы технологиялар, мәденият ҳәм туризм орайына айландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Мәмлекетимиз басшысы еле шешилмеген мәселелер көп екенлигин атап өтип, бир қатар жаңа басламаларды алға қойды.

    - Бәринен бурын, қала басшылары халықты қәўетерге салып атырған экология, жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў ҳәм сапалы басқарыў мәселелеринде қатнасларды өзгертиўи керек.

    2026-жыл Ташкент қаласы ушын "Жедел раўажланыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў жылы" болады. Бул идеяны әмелге асырыў ушын үлкен бағдарлама басланады, - деди Президент.

    Пайтахт районлары үш тийкарғы бағдар бойынша раўажландырылады. 2026-жылы 9 миллиард доллар, еки жылда 20 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў мақсет етилген.

    Атап айтқанда, Сергели, Янгиҳаёт ҳәм Бектемир районларында жоқары технологиялық санаат ҳәм логистика "өсиў ноқатлары" болады. Мәселен, келеси жылдың өзинде Сергели районында баҳасы 70 миллион доллар болған 120 мың квадрат метр заманагөй агрологистика ҳәм қоймахана комплекси пайдаланыўға тапсырылады.

    Янгиҳаёт районындағы "Жаңа әўлад" санаат зонасында электротехника, тоқымашылық, автомобиль қурылысы ҳәм азық-аўқат санаатында 2 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул зона Янгиҳаёт ҳәм Бектемир районларында 640 гектарға кеңейтилип, улыўма баҳасы 3 миллиард доллар болған жаңа экологиялық қәўипсиз ҳәм жоқары технологиялық жойбарлар иске қосылады.

    Учтепа, Чиланзар, Яккасарай, Шайхонтоҳур ҳәм Алмазар районларында хызметлер, креатив экономика, дизайн ҳәм туризм тараўлары инвестицияның тийкарғы бағдарлары болады.

    Мырза Улығбек, Юнусабад, Миробод ҳәм Яшнабад районларында жасалма интеллект, стартап, финтех, қаржы, медицина ҳәм билимлендириў тараўларында 1 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылады.

    Усы жылы пайтахтымыздың 26 көшеси күни-түни жумыс ислеўге өткерилди. Оларда 1 мың 200 саўда ҳәм хызмет көрсетиў объекти жайластырылғаны есабынан 5 мың халық дәрамат алған. Келеси жылы және 18 сондай көше шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

    Ҳәзирги ўақытта пайтахтта 75 мектеп ҳәм сонша бақша, 23 спорт объектин қурыў талап етиледи.

    Район ҳәкимлери ҳәр жылы өзи тапқан қаржылар есабынан ҳәр бир түрдеги бир имараттан - мектеп, бақша ҳәм спорт объектин қурып бериўи белгиленди. Инвестициялық бағдарлама шеңберинде жылына және 15 мектеп ҳәм бақша, 11 спорт объекти қурылады.

    Усы жылдан баслап Ташкент қаласының ҳәр бир районында бир мектеп негизинде билимлендириўдиң сапасын арттырыў бағдарламасы басланды. Оның шеңберинде 7-11-класслардағы 1 мың 500 оқыўшы таңлап алынып, ИТ, медицина, бизнес ҳәм инженерлик бағдарларында оқытылмақта. Оқыўшылардың өзлестириўине қарап, муғаллимлерге 20 миллион сумға шекем айлық ис ҳақы төленеди.

    Бул тәжирийбени кеңейтип, келеси жылы 24 ке, 2027-жылы 33 ке жеткериў ўазыйпасы қойылды.

    Дүньяның ең ири мегаполислериндеги сыяқлы пайтахтымызда да транспорт системасын басқарыўдың бирден-бир орайы шөлкемлестириледи. Ол ҳәр бир көше ҳәм кесилиспедеги транспорт ҳәм пиядалар ағымын жасалма интеллект жәрдеминде таллап, тығылыс ҳәм жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алады.

    Келеси жылы қалаға кириўдеги еки қадағалаў пункти пайтахтымыздың сыртына көшириледи, және үшеўи реконструкцияланады. Бул жерде кеминде 3 мың 500 жүк ҳәм 5 мың 500 жеңил автомобиллерге мөлшерленген тоқтаў орынлары, халық ушын кемпинглер шөлкемлестириледи.

    Ең әҳмийетлиси, бул орынлар жәмийетлик транспорт тармағы менен интеграцияланып, қала мийманларына автомобиллерин пайтахт сыртында қалдырып, Ташкент қаласы бойлап тез ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениў имканияты жаратылады.

    Қала ҳәкимлигине келеси жылы бирден-бир светофор басқарыў орайына ийе 100 "ақыллы" кесилиспени енгизиў, исбилерменлер менен бирге 30 мың автомобиль турыў орнын қурыў, 300 бәндиргини реконструкциялаў, 40 километр пиядалар ҳәм 20 километр велосипед жолларын қурыў, 100 километр жолларды оңлаў, Юнусабад ҳәм Яшнабад районларында жол өткели ҳәм туннель қурыў ўазыйпасы қойылды. Буннан тысқары, 200 электробус сатып алыў ўазыйпасы қойылды.

    Дүньяның ең ири қалаларындағы сыяқлы пайтахтымызда да экология мәселелериниң әҳмийетлилиги барған сайын артып бармақта.

    Қаланың 4 аймағында жасалма көл ҳәм суў бассейнлериниң жойбарларын таярлап, қурыўға кирисиў бойынша тапсырма берилди. 1-июньге шекем ҳәр бир районда 5 километрден 3 ден саялы көшелер шөлкемлестириледи. Ҳәр 10 мәҳәлледе 1 бағ шөлкемлестириў бойынша өз алдына бағдарлама басланбақта.

    2026-жылы 18,5 километр каналлардың жағаларын беккемлеў, жасыл аймақлар ҳәм сейил етиў орынларын жаратыў режелестирилген.

    Сондай-ақ, Шыршық дәрьясының Бектемир, Сергели ҳәм Янгиҳаёт районларынан өткен 16 километр бөлегин беккемлеў есабынан қосымша 800 гектар аймақ өзлестириледи. Бул майданда 200 гектар "жасыл белбеў", 250 гектар ишки жоллар, сейил етиў орынлары, пиядалар ҳәм велосипед жолларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

    Қаланың дренаж системасының бас режеси ислеп шығылып, келеси жылдан қурылыс жумыслары басланады. Бағдарлама шеңберинде 150 километр жабық дренаж тармағын қурыў, 197 километр канал ҳәм коллекторларды оңлаў, қаланың салқын ықлым шараятын жаратыў ушын 63 километр жаңа каналлар қурыў режелестирилген.

    17 жаўын суўын жыйнаў имараты қурылып, тереклер ҳәм жасыл аймақларды суўғарыў режелестирилген.

    Пайтахттағы барлық коммуналлық хызметлер ҳәм айрықша жағдайлар уйымлары авариялық жағдайлардың алдын алыў, оларды жедел сапластырыў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў илажларын күшейтиў мақсетинде күни-түни жумыс ислеў режимине өтеди.

    Пайтахт - мәмлекеттиң сиясий, ҳәкимшилик, экономикалық ҳәм мәдений орайы. Оны басқарыў, раўажландырыў ҳәм қорғаўда өзине тән қатнаслар болыўы керек, - деп атап өтти Президент.

    Усы мүнәсибет пенен Ташкент қалалық Кеңесине жергиликли бюджетке қайтарылатуғын арттырып орынланған дәраматлардың 20 процентин районлар арасында бөлистириў ўәкиллигин бериў, қала ҳәм район ҳәкимлерине жергиликли кеңеслер менен келисилген ҳалда, бос қаржыларды депозитлерге жайластырыўға рухсат бериў усынысы билдирилди.

    Ташкент қаласы жумысының ҳуқықый, экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик тийкарларын белгилеп беретуғын "Өзбекстан Республикасы пайтахтының статусы ҳаққында"ғы нызамды қабыл етиў зәрүрлиги атап өтилди.

    Пайтахт "мәҳәлле жетилиги" жумысының нәтийжелилигин арттырыўда жетекши болыўы керек екенлиги атап өтилди. 2026-жылдан баслап Ташкент қаласында жаңа система енгизиледи - "мәҳәлле жетилиги" толық қала ҳәкимлигине өтеди.

    - "Жетилик" есабатлар менен емес, адамлардың аўырын жеңил етиў менен шуғылланыўы керек, - деди Президентимиз.

    Мәжилисте қала ҳәм район ҳәкимлериниң есабаты тыңланды, исбилерменлер менен сөйлесиў болды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates