Пәрманға бола, төмендегилерди нәзерде тутатуғын "Жасаў орнының бирден-бир турмыслық цикли" принципи енгизиледи:

- турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлерди үлес қосыў тийкарында қурыў процесинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеў;

- бар жер ресурсларынан нәтийжели (интенсив) пайдаланған ҳалда турақ жайлар қурылысын шөлкемлестириў;

- турақ жай қурылысы тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мүддетлерин қысқартыў;

- турақ жайларды үлес киргизиў ҳәм ипотека кредити тийкарында сатып алыўдың исенимли ҳәм нәтийжели имканиятын жаратыў;

- турақ жайлар қурылысында энергия нәтийжели қурылыс материалларынан пайдаланыўды ғалаба ен жайдырыў.