Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Улыўма ҳәм органикалық емес химия және Полимерлер химиясы ҳәм физикасы институтының хызметкерлери биргеликте қайта тикленетуғын ҳәм экологиялық таза шийки зат - наноцеллюлоза тийкарында жаңа түрдеги гибрид аэрогель жаратты. Материал қоршаған орталық ушын пүткиллей қәўипсиз.
Жаңа аэрогелдиң абзаллықлары:
Ҳаўаны тазалаў - зыянлы карбонат ангидридти (CO₂) жақсы услап қалады.
Суўды тазалаў - аўыр металл ионларын ҳәм зыянлы бояўларды алып таслайды.
Қурылыста қолланылыўы - жоқары нәтийжели изоляциялаўшы материал сыпатында қолланылыўы мүмкин.
Сести жутыўшылық - нанопоралы структура сес толқынларын жутып, акустикалық қолайлық жаратады.
Жыллылықты сақлаў - төмен жыллылық өткизгишлик ыссылық шығынларын азайтады ҳәм имаратлардың энергия нәтийжелилигин арттырады.
Соққыға шыдамлылық - аэрогель механикалық күшлерге шыдам берип, конструкцияларды беккемлейди.
Беккемлиги ҳәм жеңиллиги - материал аз салмаққа, жоқары беккемликке ҳәм ыссылыққа шыдамлылыққа ийе.
Жаңа гибрид аэрогель экологиялық тазалық, беккемлик ҳәм функционаллықты бирлестирип, қоршаған орталықты тазалаў ҳәм қурылыста қолланыў перспективаларын ашады.