Басылымның мағлыўматына бола, төрт актив мутацияланыўшы вирус усы қәўиптиң қозғатыўшылары ролине тийкарғы талабан болып есапланады. Буларға төмендегилер киреди:
Mpox (маймыл шешек кеселлиги):
2022-жылы глобаллық ҳәўиж алыўдан соң Mpox вирусы пүткил дүнья бойлап орналасып, тарқалыўын даўам еттирди ҳәм жаңа штаммларды раўажландырды.
Қызылша (Rubella):
MMR вакцинациясы менен қамтып алыўдың кемейиўи себепли бурын дерлик жеңилген қызылша қайтадан пайда болыўы мүмкин, буны қызылша кеселлигиниң ҳәўиж алыўы мысалында да көриў мүмкин.
Қус гриппи (H5N1):
Әсиресе, қус гриппиниң қәўипли H5N1 штаммы 2020-жылдан баслап белсенди түрде мутацияласып, сүт емизиўшилерди жуқтырыў қәбилетине ийе болмақта. Илимпазлар оның адамнан адамға нәтийжелирек өтиўи ушын бейимлесиўи мүмкинлигинен қорқады.
ОРОПУЧЕ ВИРУСЫ:
Мокреслер арқалы тарқалыўшы Оропуче вирусы өз географиясын Қубла Америкадан Европаға шекем кеңейтеди. Оның белгилери дене ыссылығына уқсайды ҳәм тез тарқалыў имканияты жоқары.
Қәнигелер, соның ишинде, Саутгемптон ҳәм Глазго университетлериниң илимпазлары дүнья, әсиресе, Европа мәмлекетлери COVID-19 сыяқлы пандемияларға төмен таярланып атырғаны ҳаққында ескертпекте, деп жазбақта life.ru.