Дүнья ушын улыўма әҳмийетли машқалалардан бири суў тәмийнаты ҳәм жетиспеўшилиги болып есапланады. Бүгин бул әҳмийетли машқала ғана емес, шегара билмес, шын мәнисинде өмир-өлим мәселесине айланғанының гүўасы болып турмыз. Сол себепли, тек ғана жергиликли емес, көплеген халықаралық әнжуманларда да бул машқала шетте қалып атырған жоқ, керисинше, турақлы жар салынбаса болмайтуғын машқалаға айланған.
Өткен жылы 20-ноябрьде мәмлекетимиз басшысы 2025-жылдың "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы деп аталыўына айрықша түсиник берген еди. Тәбийий, бул түсиник тәбиятты ҳәм оның тиришилик дәрегин қәстерлеп сақлаўға да барып тақалады.
Усы жылы апрель айында Президентимиз Самарқанд қаласында болып өткен климат форумындағы баянатында да усы машқалаға айрықша итибар берди: "Биз әллеқашан инсанияттың ең үлкен апатшылықларынан бири - Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлерин басымыздан өткермектемиз. Биз суў ресурсларын үнемлеў мақсетинде ирригация системаларын бетонластырып атырмыз. Суўды үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығарыў бойынша санаат базасын жараттық, суўғарылатуғын жерлердиң дерлик ярымында әне усындай технологияларды енгиздик (бул дерлик еки миллион гектар жер майданы дегени). Бундай илажлар нәтийжесинде өткен жылы 8 миллиард метр куб суўды үнемлеўге еристик".
Изертлеўшилер суў жетиспеўшилигиниң күшейип атырғанын, бир тәрептен, халық санының жыл сайын артып баратырғаны, климат өзгериўи ҳәм суўғарыў системасының гөнергени менен байланыстырады. Инфраструктураны жақсылаў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша көрилип атырған илажларға қарамастан, суў тәмийнаты барлық тараўда, әсиресе, аўыл хожалығында ҳәм бир қатар қалаларымызда елеге шекем үлкен машқала болып қалмақта.
Атап айтқанда, усы жылы 10-12-июнь күнлери өткерилген IV Ташкент халықаралық инвестициялық форумында да бул мәселе айрықша додалаўға себеп болды. Себеби, қурғақшылық, суў жетиспеўшилиги машқалаларын шешиў бойынша жойбарларды әмелге асырыў турақлы инвестицияларды талап етеди.
Орайлық Азияның 5 мәмлекетинен мирәт етилген қәнигелер мәжилисинде регионның бул бағдардағы жағдайы, машқалалары додаланды. Суў ресурсларының жетиспеўшилиги регионның тийкарғы машқалаларынан бири болғаны себепли аўызбиршиликли мәсләҳәтлесиў арқалы бул бес мәмлекеттиң таллаўы ҳәм келешектеги режелериниң үйлесимли болыўы оғада әҳмийетли.
Экспертлердиң пикир-усыныслары регион мәмлекетлериниң гезектеги мәсләҳәт ушырасыўына усыныс сыпатында қабыл етилетуғыны атап өтилди. Онда транспорт, санаат кооперациясы ҳәм социаллық раўажланыў менен бирге, суў машқаласы бойынша басламалар соралды. ҒХҚда олар региондағы инфраструктура бурынғы совет дәўиринде жаратылғаны ҳәм ол пүткиллей гөнерип жаңасын жаратыў талап етилип атырғаны, ҳәттеки келешекте суў нефттен де қымбат болыўы мүмкинлиги ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди.
Арал теңизиниң қурыўы, әсиресе, регион мәмлекетлериниң атмосферасы, экологиясы ушын оғада қәўипли болып бармақта. Климат өзгериўиниң күшейиўи ақыбетинде 2050-жылға барып музлықлар және де тез ерий баслайды ҳәм суў жойбарларын әмелге асырыўға тосқынлық етеди. Демографиялық жақтан болса Орайлық Азия халқы 100 миллионға жақынласыўы, яғный суўға талап және де артыўы тәбийғый жағдай.
Орайлық Азия халқының суўға болған талабы трансшегаралық болған Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья есабынан қанаатландырылады. Бүгинги күнге келип климат өзгериўи, глобал температураның артыўы себепли бул дәрьяларды суў менен тәмийинлеп атырған музлықлардың резерви азайып баратырғаны қәнигелер тәрепинен атап өтилген. Сондай-ақ, климат өзгериўи себепли регионымызда жаз мәўсими созылыўы, 2030-жылға барып болса егинлерди суўғарыў 5 процент, шама менен 2050-жылда 7-10 процентке артыўы жуўмақланған. Оның үстине, суў ресурсларының ең үлкен бөлеги - 80 проценттен асламы аўыл хожалығында пайдаланылатуғынын есапқа алсақ, машқаланы шешиў және де қыйынласатуғынын аңлаў қыйын емес. Бир-бирине шынжырдай байланысып кеткен мәселелерди шешиў процесинде климат өзгериўи шараятында көп муғдарда суў талап ететуғын пахта ҳәм салы сыяқлы егин түрлериниң майданларын азайтып, салыстырмалы аз суўғарылатуғын түрлери менен алмастырыў сыяқлы усыныслар да берилди.
Ашығын айтқанда, бул машқалалар Жер жүзиниң ыссы үлкелеринде ғана емес, ал Европада да жыл сайын күшейип бармақта. Ишимлик суўы жетиспей атырған, қурғақшылық, жер деградациясы, азық-аўқат қәўипсизлиги сыяқлы бир қатар болып келген машқалалардың ҳәммесин дүнья мәмлекетлери жеке өзи шеше алмайтуғынын аңлап жетти.
***
Биринши гезекте, халықтың суўдан пайдаланыўға мүнәсибети, көзқараслары ҳәм ис-ҳәрекетлери әҳмийетли орын ийелейди. Себеби, суў ресурсларынан тийкарғы пайдаланыўшылар да, жуўапкерлер де халықтың өзи.
Атап айтқанда, Өзбекстан медиа изертлеўлери ҳәм билимлендириў қолланбалары орайы (Mediadatalab) бир ярым мыңнан аслам жас арасында сораўнама өткерген. Изертлеў жуўмақларына бола, оларда суў ҳәм суў ресурсларына саналы, абайлы мүнәсибет толық қәлиплеспеген. Айтайық, олар суўды сақлаў ҳәм бул бағдардағы шығынлар менен байланыслы машқалалардың көлеми ҳаққында түсиник жоқ. Соның ишинде, сораўнама қатнасыўшыларының белгили бир бөлеги бул мәселе ҳаққында улыўма ойлап та көрмеген. Бул болса көпшилик жасларда суўды қәстерлеп сақлаў, қорғаў бағдарындағы көзқараслары беккем емес, деген жуўмақты белгили дәрежеде тастыйықлайды.
"Машқала бойынша үгит-нәсиятлаўда жасларға бағдарланған мәлимлеме каналларынан пайдаланыў, заманагөй технологиялар ҳәм онлайн платформалардан пайдаланған ҳалда елимизде суўды себепсиз, нәтийжесиз жумсаў ақыбетинде ысырапгершиликке жол қойылып атырғанын анық дәлиллер ҳәм фактлер менен көрсетиў айрықша әҳмийетке ийе", делинеди изертлеўде.
Ҳәр қандай машқаланы шешиў, инсан ой-пикирин жетилистириўде үгит-нәсият ең үлкен күшке айланған. ҒХҚда, атап айтқанда, телевидениеде бул мәселеге байланыслы социаллық рекламалар, көрсетиў ямаса тәсиршең сын көзқарастан-аналитикалық көринислер оғада аз. Социаллық тармақларда болса улыўма жоқ, десе болады. Оларда, бәринен бурын, ат шығарып, белгили болыўға умтылып атырған үлкен-киши көркем өнер ўәкиллери ҳәм басқа да белсенди қатнасыўшылар не ушын экология, қоршаған орталық ямаса руўхыйлық машқалалары ҳаққында көринислер таярлаўдың орнына өзлери сатиралық деп баҳалайтуғын, тийкарынан биймәни, әдепсиз сөзлердиң жыйнағынан ибарат көринислер жайластырыў менен әўере.
Тама-тама көл болар
Яғный қорғалса, тама-тама көл болады, қәстерлеп сақланбаса, ҳәттеки көл, дәрьялар да жоқ болып кететуғынын турмысымызда көрип турмыз. Тәбийғый, бул жағдайда, биринши гезекте, Арал апатшылығы еске түседи. Ямаса буннан бир неше жыл алдын Сардоба суў сақлағышы бөгетиниң жарылыўын алайық. Бул суў сақлағыш Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларының егислик майданларында пайдаланыўға мөлшерленген. Жоқ, биз бул ўақыяларды өз алдына талқыламақшы емеспиз. Тек ғана бундай апатшылықларға да инсанның өзи айыпкер болып атырғанына итибар қаратып атырмыз. 922 миллион кубометр суў сыйымлылығына ийе сол гидротехникалық объекттиң апатшылығы ақыбетинде ондағы бар суўдың 35 проценти жойтылған. Бундай үлкен жоғалтыўлар қатарына турмысымызда, анығырағы, шаңарақларда ишимлик суўдан пайдаланыўда, қалаларда тереклер, жасыл майданларды суўғарыўда қаншелли ысырапгершиликке жол қойылып атырғанын қоссақ, оның көлемин көз алдымызға келтириў қыйын емес.
Таза ишимлик суў шекленген ресурс болып, ең қымбат социаллық қәрежетлер категориясына тийисли. Бул пүткил дүнья мәмлекетлеринде тән алынған дәлил. Сол себепли, биринши гезекте, суўды үнемлеп пайдаланыў пүткил мәмлекет көлеминде болыўы талап етилмекте. Бул жағдай не көп ҳәм арзан болса, ҳеш қашан қәдирленбейди, деген халықлық нақылды еслетеди.
Тиришилик дереги болған қорларының азайып баратырғанын енди тек ғана баспасөз, изертлеўлердиң жуўмақларынан оқып көз алдымызға келтирип атырғанымыз жоқ. Буны, әсиресе, ҳәзирги жаз шыңында өз денемизде сезинип, күнделикли турмысымызда айқын көрип турмыз. Республикамыздың көплеген аймақларында қубырларда суў бурынғыдай толып ақпай атырғаны, балалығымызда көрген дәрья ҳәм салмалардың қаншасы қурып атырғаны да ҳақыйқат. Жер асты душшы суўларының қәдди де барған сайын төменлеп баратырғанын қәнигелер тастыйықлайды. Улыўма алғанда, суў жетиспеўшилиги аўыл хожалығы, санаат ҳәм дерлик барлық тараўларда жаңа машқалаларды келтирип шығара береди.
Ҳәр қандай ийгиликли, қайырлы ис үлкен әўлад ўәкиллериниң мәсләҳәти, жол-жобалары ҳәм ибратлы ислери менен басланса, қайырлы болады, деген. Өмир суўы мол дәўирлерде-ақ ата-бабаларымыз оны қәстерлеп сақлаў бойынша үгит-нәсиятлар, өлмес қәдириятлар жаратып кеткен. Усы мәнисте бүгинги үлкен әўлад ўәкиллериниң бул бағдарда да жасларға устаз, үлги болыўы талап етилмекте. Себеби, уқсасы жоқ дәрек - суўды байлық пенен де, ойлап табыўшылық пенен де жаратып болмайды.
Рустам БАЙТУРА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы