Бүгин Өзбекстан урбанизацияның жаңа, шешиўши басқышына кирип бармақта. Халықтың санының жылдан-жылға өсиўи, мийнет ресурсларының қалаларға қарай бағдарланыўы ҳәм экономикалық белсендиликтиң тийкарынан орайларда топланыўы турақ жай сиясаты ҳәм қала қурылысына дәстүрий қатнаслардың нәтийже бермейтуғынын ашық көрсетпекте.
Мәмлекетимиздиң экономикалық имканияты кеңейип, халықтың турмыс шараяты жақсыланып атырғаны себепли турақ жайға талап жылдан-жылға артпақта. Әҳмийетлиси, урбанизация ҳәм турақ жай қурылысында жаңаша, заманагөй қатнасларды енгизиў таңлаў емес, объектив зәрүрликке айланды. Халық санының жедел өсиўи, жаслар үлесиниң жоқарылығы, ишки миграцияның күшейиўи қалаларға жылдан-жылға қосымша басым жүклемекте.
Мағлыўматларға бола, мәмлекетимизде орташа халықтың өсиў тенденциясы жыллық 2 процентти қурамақта. Егер бул процесс илимий тийкарда режелестирилмесе, инфраструктура жетиспеўшилиги, транспорт ҳәм экология машқалалары, социаллық теңсизлик күшейиўи мүмкин. Жаңаша урбанизация сиясаты мине усы қәўип-қәтерлерди сапластырыўға қаратылған.
Енди қалалар қайсы тәрепке кеңейиўи мүмкин деген логика менен емес, ал қалайынша турақлы раўажланады, деген көзқарас тийкарында режелестирилмекте. Усы мақсеттен келип шығып, урбанизация ҳәм турақ жай сиясаты Өзбекстанда стратегиялық трансформацияға айланды. Бул бағдардағы мақсетли ҳәм нәтийжели сиясат мәмлекет ушын узақ мүддетли бәсекиге шыдамлылықты тәмийинлейди. Экономикалық өсиўди турақластырады ҳәм халықтың турмыс сапасына унамлы тәсир көрсетеди.
Урбанизация бүгин тек ғана қалалардың географиялық көлеми ямаса халықтың санының көбейиўи емес, ал инфраструктура, транспорт, социаллық хызметлер, экология ҳәм заманагөй қала орталығын комплексли раўажландырыў процеси болып есапланады. Экономикалық жақтан урбанизация үлкен концентрация эффектин жаратады. Қаладағы мийнет базары кеңейип, санаат, хызмет көрсетиў, логистика, қаржы, санлы ҳәм креатив секторлар жедел раўажланады. Халық ҳәм бизнестиң жоқары тығызлығы қәрежетлерди азайтады, билим ҳәм технологиялар алмасыўын тезлестиреди. Мийнет өнимдарлығын арттырады ҳәм исбилерменлик жумысын кеңейтеди. Мәмлекет ушын бул инвестициялық тартымлылықты беккемлеў, салық базасын кеңейтиў ҳәм халықаралық бәсекиге шыдамлылықты арттырыў имканияты болып табылады.
Дүнья тәжирийбеси урбанизация нәтийжеси узақ мүддетли стратегия ҳәм күшли басқарыў институтларысыз әмелге аспайтуғынын көрсетеди. Мәселен, Сингапур бир неше он жыллар ишинде халқы көп ҳәм ресурслары шекленген қаладан дүньядағы ең қолайлы, бәсекиге шыдамлы мегаполиске айланды. Бул пуқта қала қурылысы режеси, жәмийетлик транспорт ҳәм турақ жай сиясаты арқалы әмелге асырылды. Сеул болса инфраструктура ҳәм санластырыўға бағдарланған үлкен инвестициялар арқалы экономикалық ҳәм технологиялық орайға айланды.
Өзбекстан да мине усындай стратегиялық жолды басып өтпекте. Бирақ он жыллар алдын мәмлекетимизде урбанизация тараўында көплеген системалы машқалалар бар еди. Қалалар узақ мүддетли турғын жағдайда еди. Аймақларды раўажландырыў бойынша бирден-бир стратегия жоқ еди. Көплеген қалалардың бас режеси халықтың өсиў пәтине сәйкес келмеди. Транспорт, коммуналлық хожалық ҳәм инженерлик инфраструктурасы урбанизация талабына жуўап бермес еди, жоллар тар, жәмийетлик транспортта тығылыс жоқары ҳәм коммуникациялар гөнерген еди. Экология, абаданластырыў ҳәм жасыл аймақларға жетерли итибар қаратылмаған, турақ жай қурылысы болса көбинесе социаллық инфраструктурасыз әмелге асырылатуғын еди.
2017-жылдан баслап мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қалаларды комплексли раўажландырыў ҳәм урбанизация мәмлекетлик сиясатта тийкарғы әҳмийетке ийе бола баслады. Қалаларды раўажландырыўға системалы ҳәм стратегиялық қатнас енгизилди. Урбанизация социаллық-экономикалық реформалар шеңберинде тийкарғы бағдар сыпатында белгиленди. Үлкен инвестициялар жол тармақлары, жәмийетлик транспорт, инженерлик ҳәм коммуналлық хожалық, коммуникациялар, суў ҳәм ыссылық тәмийнаты, электр тармақларын модернизациялаўға қаратылды.
Ең тийкарғысы, қалалар ҳәм аймақлар арасында транспорт байланыслары жақсыланып, халықтың мобиллиги сезилерли дәрежеде артты. Қала орталығын инсан ушын қолайластырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Жаңа бағлар, қыябанлар, пиядалар жоллары ҳәм улыўмалық жәмийетлик орынлар қурылмақта.
Институционаллық раўажланыўда әҳмийетли қәдем өткен жылы ноябрьде Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитети шөлкемлестирилгени болды. Президентимиздиң пәрманы менен комитет урбанизация процеси, турақ жай қурылысы, реновация ҳәм ипотека тараўында мәмлекетлик сиясатты жүргизиў, сондай-ақ, бул бағдардағы бағдарламаларды муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленди.
Комитет қарарлардың барлық басқышын муўапықластырыў, бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм қадағалаў имканиятына ийе. Миллий комитет дүзилгеннен соң "Жаңа Өзбекстан" массивлери ҳәм басқа да массивлерде көп квартиралы турақ жайлардың қурылысы және Ташкент, Нөкис ҳәм ўәлаятлардағы ири қалалар бирден-бир басқарыў системасына өтти. Бул тарқалған көзқарастан комплексли ҳәм қалалық раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Усы тәризде урбанизация Өзбекстанда үзликсиз, стратегиялық жақтан режелестирилген раўажланыў инструментине айланды. Бул сиясат экономикалық өсиў, инвестициялық тартымлылық ҳәм халықтың турмыс сапасына унамлы тәсир көрсетеди және мәмлекет ушын узақ мүддетли бәсекиге шыдамлылықты тәмийинлейди. Мүрәжатта бул тараўға айрықша итибар қаратылғаны да бийкарға емес. Себеби, урбанизация процесин жеделлестириў, агломерацияларды қурыў, қалаларды жасаў ушын қолайластырыў ҳәм халықтың кең қатламлары ушын мүнәсип ҳәм арзан турақ жайға болған талапты қанаатландырыў бүгинги күнде тек ғана қурылыс тараўының емес, ал социаллық әдиллик, экономикалық турақлылық ҳәм келешек әўладлардың мәплерин тәмийинлеў менен байланыслы стратегиялық ўазыйпа болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы бул тараўға тоқтап, "Урбанизация ҳәм қалаларды турақлы раўажландырыў бойынша жаңа реформаларды баслаймыз. Соның ишинде, қалалардың тәртипсиз кеңейиўиниң алдын алыў бойынша анық нормаларды белгилеймиз ҳәм сол арқалы егислик майданларының тийкарсыз қысқарып кетиўине шек қойылады", деп атап өтти.
Солай екен, урбанизация, бәринен бурын, инсанлар турмысының сапасы ушын исленетуғын таңлаў болып есапланады. Бул процессте жол қойылған ҳәр қандай қәтелик қымбатқа түседи. Себеби өнимдарлы жерлер жоғалыўы, инфраструктураға артықша жүк түсиўи ҳәм халықтың исеними төменлеўи мүмкин. Соның ушын, бүгин қалалардың раўажланыўы тосыннан емес, ал пуқта ойланған сиясат, узақ мүддетли режелестириў ҳәм профессионал қатнас тийкарында әмелге асырылыўы оғада әҳмийетли.
Президентимизге быйыл 3-февраль күни урбанизация ҳәм турақ жай қурылысында жаңаша қатнасларды енгизиў бойынша болып өткен презентацияда соңғы 8 жылда мәмлекетимизде 120 миллион квадрат метр ямаса 600 мыңнан аслам квартиралар қурылып, пайдаланыўға тапсырылғаны, турақ жай сатып алыўға жәрдемлесиў ушын 541 мың пуқараға 103 триллион сум төмен процентли ипотека кредити ҳәм субсидиялар ажыратылғаны мәлим етилди.
Атап өтилгениндей, қурылыс жумысларының көлеми кеңейгени қурылыс материаллары санаатының раўажланыўына үлкен түртки берип, көплеген аймақлардың драйверине айланды. Урбанизация дәрежеси 1991-жылдағы 40,3 проценттен 51 процентке жетти.
Презентацияда жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Халықаралық шөлкемлердиң есап-санақларына бола, елатлы пунктлердиң тәртипсиз кеңейип барыўы айырым аймақларда келешекте егислик жерлердиң жетиспеўшилигине алып келиўи мүмкин. Усы мүнәсибет пенен ескирген турақ жай фондын жаңалаў, турақ жай қурылысында реновация үлесин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Урбанизация ҳәм турақ жай қурылысы процесин дурыс ҳәм нәтийжели режелестириў ушын санлы технологиялардан кеңнен пайдаланыў әҳмийетли. Усы мақсетте бас ҳәм мастер режелердиң бирден-бир мағлыўматлар базасы, қурылысқа таяр жер майданлары базасы, көп квартиралы турақ жайлардың бирден-бир геомәлимлеме базасы, эскроу системасы, қурылысшылар рейтинги ҳәм басқаларды қамтып алған "Үй-жай" мәлимлеме системасы ислеп шығылады.
Бул илажлар нәтийжесинде халықтың турақ жайға талаплары есапқа алынған ҳалда қурылыс көлеми артады. Қурылып атырған турақ жайлар болса барлық зәрүр инфраструктураға ийе болады. Урбанизация процеси анық белгиленген бағдарламалар тийкарында шөлкемлестириледи.
Лутфулла СУВОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы