Жаңа рейс - заманагөй “Airbus А 330” бортында әмелге асырылды.
Пәрўаздың дәслепки жолаўшылары арасында сырт елли туристлер, республиканың түрли аймақларынан келген мийманлар, фотограф ҳәм журналистлер бар. Самолёт Хорезм дәстүрлерине сай түрде - гернай-сырнай сеслери, өзбекона нан-дуз, көтериңки кейпият пенен күтип алынды. Бул әййемги Хорезм жериниң миймандослығы ҳәм қәдириятларының тымсалы болып есапланады.
Кең фюзильяжлы 347 орынлыққа ийе болған “Airbus А 330” самолёты дәслепки пәрўазын Үргеншке әмелге асырды.
Борт жолаўшылар менен толық түрде ушып келди.
Үргенш халықаралық аэропортын модернизациялаў бойынша Қубла Кореяның "Инчеон" компаниясы менен биргеликте жумыслар басланған. Бул баслама арқалы халықаралық стандартларға жуўап беретуғын хызмет түрлерин енгизиў, сырт ел туристлериниң ағымын көбейтиў, ең тийкарғысы, Хорезм ўәлаятын глобал туристлик картада және де көрнекли аймаққа айландырыў мақсет етилген.









