"Өзатом" ҳәм Италияның Ansaldo Energia компаниясы Өзбекстандағы биринши АЭС жойбары бойынша бирге ислесиўди додалады

    22 қазан 2025 1046

    "Өзатом" агентлиги директоры Азим Ахмедхаджаев басшылығындағы делегация 20-22-октябрь күнлери әмелий сапар менен Генуя қаласында (Италия) болып тур.

    Сапар бағдарламасынан бир қатар исбилерменлик сөйлесиўлери, соның ишинде, Лигурия регионының басшылары, Генуя ҳәкимлиги, Саўда-санаат палатасы, технологиялық жоқары оқыў орынлары ҳәм Италияның энергетика тараўындағы компанияларының ўәкиллери менен ушырасыўлар орын алған.

    20-октябрь күни "Ansaldo Energia" холдинги ҳәм оның атом энергетикасы технологияларына қәнигелескен "Ansaldo Nucleare" компаниясының басшылары менен ушырасыў болып өтти. Холдинг Европа энергетика базарының жетекши қатнасыўшыларынан бири болып, энергия үскенелерин, соның ишинде, пуў ҳәм газ турбогенераторларын жойбарластырыў, инжиниринг, ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериўди әмелге асырады.

    Күн тәртибинен Өзбекстанда биринши атом электр станциясын қурыў жойбарын әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў мәселеси орын алған. Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер технологиялық интеграция ҳәм италиялы бирге ислесиўшилердиң жәрдемши системалары шешимлерин Өзбекстанның климат шараятына бейимлестириў мәселелерин додалады.

    Италия тәрепи қәўипсизлик системаларын жаратыў ҳәм олардың программалық тәмийнатын ислеп шығыў, атом электр станцияларының тийкарғы ҳәм жәрдемши үскенелерин жеткерип бериў, пайдаланылған ядро жанылғысын басқарыў бойынша өз тәжирийбесин көрсетти. Буннан тысқары, компания Қытай, Бельгия, Словения, Венгрия, Украина сыяқлы мәмлекетлердеги АЭСлерге техникалық хызмет көрсетиў бойынша маман екенлиги атап өтилди.

    Сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстанда АЭС қурылысы жойбарының әмелге асырылыўын қадағалаў, сондай-ақ, нәтийжели жәрдемши шешимлерди ислеп шығыў ушын холдинг компанияларын техникалық мәсләҳәтши сыпатында тартыў имканиятлары додаланды.

    Радиоактив шығындылар менен байланыслы жумыслар тараўында бирге ислесиў ҳәм Ansaldo Nucleare компаниясының өзи ислеп шыққан ядро жанылғысын басқарыў системаларын алыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Италия тәрепи атом тараўында миллий нормативлик-ҳуқықый базаны қәлиплестириў ҳәм лицензиялаў бойынша мәсләҳәтлесиў жумысында қатнасыўға қызығыўшылық билдирди. Сондай-ақ, атом энергетикасы тараўында технологияларды жетилистириў ҳәм маман кадрларды таярлаўға қаратылған биргеликтеги илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумысларын шөлкемлестириў перспективалары додаланды.

    "Өзатом" агентлиги делегациясының сапар етиўи Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы еки тәреплеме байланысларды беккемлеўге хызмет етеди, миллий атом санаатын раўажландырыўға Европаның алдынғы технологияларын енгизиў ушын жаңа имканиятлар ашады.