Uzbekistan Airports ҳәм Баку аэропорты бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм хызмет көрсетиў стандартларын арттырыў мәселелерин додалады

    Ташкентте болып өткен Халықаралық авиация-логистика форумы шеңберинде Uzbekistan Airports басқармасы баслығы Жавлонбек Умархўжаев ҳәм Баку халықаралық аэропорты директоры Теймур Гасанов арасында сөйлесиўлер болып өтти.

    Тәреплер еки мәмлекет аэропортларының инфраструктурасын модернизациялаў, жолаўшылардың қолайлығы ҳәм қәўипсизлигин арттырыўға қаратылған экологиялық, энергия үнемлеўши ҳәм санлы технологияларды енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларды додалады.

    Аэропортларды раўажландырыў транспорт системасының турақлы өсиў стратегиясының ажыралмас бөлеги екени, Өзбекстан ҳәм Әзербайжанның транзит потенциалын беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

    Skytrax халықаралық рейтингин алыўға байланыслы мәселелерге айрықша итибар қаратылды. Әзербайжан тәрепи өз тәжирийбеси менен ортақласып, Гейдар Алиев атындағы халықаралық аэропорт әллеқашан табыслы сертификатлаў тәжирийбесине ийе екенин ҳәм Uzbekistan Airportsқа усындай тәртиптен өтиўде жәрдем бериўге таяр екенин атап өтти.

    Соның менен бирге, Uzbekistan Airports делегациясы Бакуде болып, аэропорттың жумысын шөлкемлестириў ҳәм инфраструктуралық шешимлерин үйренбекте, оларды Өзбекстан аэропортларына бейимлестириў ҳәм енгизиў режелестирилген.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates