Тәреплер исбилерменлер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, тиккелей инвестицияларды тартыў ҳәм Өзбекстанда операциялық хаб шөлкемлестириў перспективаларын додалады.
Ушырасыўда Өзбекстан санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов, IT Park Uzbekistan бақлаў кеңеси баслығы Фарҳод Ибрагимов, IT Park Uzbekistan бас директоры Абдулаҳад Қўчқоров, сондай-ақ, AMALT Group ўәкиллери - Nova Lines компаниясы президенти Михай Сава, C1 Management компаниясы атқарыўшы директоры ҳәм президенти Николай Коробка, Forsage Logistics компаниясы тийкарын салыўшысы Вадим Савка, CargoBoss Inc компаниясы тийкарын салыўшысы Юрий Постолачи ҳәм Schwarz Logistics Corp компаниясы президенти Михай Деркачи қатнасты.
Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстанда транспорт операция орайын ашыў имканиятын көрип шықты. Жаңа орай АҚШ базарында жумыс алып барып атырған Молдова компаниялары ушын диспетчерлик, бухгалтерия, комплаенс ҳәм қарыйдарларды қоллап-қуўатлаў бойынша хызметлер көрсетеди. Жойбар өзбекстанлы қәнигелердиң жоқары дәрежедеги таярлығына сүйенген ҳалда 400 ге шекем жаңа жумыс орнын жаратыўды нәзерде тутады.
Сондай-ақ, молдавиялы исбилерменлер ҳәм Өзбекстан арасында стартапларды қоллап-қуўатлаўға итибар қаратылған аутсорсинг ҳәм технология тараўларында инвестициялық бирге ислесиў перспективалары додаланды. AMALT компаниясы Өзбекстан инновацияларын АҚШ экосистемасына интеграциялаў имканиятын беретуғын санлы транспорт шешимлери, билимлендириў бағдарламалары ҳәм жергиликли акселераторларға биргеликте инвестиция киргизиўге таяр екенин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп алды, инвестициялық тийкарғы бағдарларды келисип алды ҳәм Өзбекстанның технологиялық екосистемасын раўажландырыў бойынша экономикалық өсиўди хошаметлеў ҳәм инновацияларды раўажландырыўға қаратылған "жол картасы"н белгилеп алды.
Мағлыўмат ушын: AMALT (Moldova-American Association of Logistics and Transport) - жыллық айланысы 600 миллион АҚШ долларынан аслам болған ҳәм 2 мыңнан аслам хызметкерге ийе 10 Молдова-Америка транспорт компаниясын бирлестирген коммерциялық емес бирлеспе болып есапланады.
Ассоциацияның тийкарғы шериклери арасында Амазон, АҚШ Қураллы Күшлери ҳәм FEMA бар. Ҳәзирги ўақытта AMALT Молдова, Польша ҳәм АҚШтағы жеткерип бериў орайларын басқарып, Өзбекстанды регионаллық кеңейиў ҳәм технологиялық инвестициялар ушын перспективалы бағдар сыпатында қарамақта.