Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында инвестициялық ҳәм финанслық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды

    3 қазан 2025 4212

    2-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигинде министрдиң орынбасары Шоҳрух Ғуломовтың Европа Аўқамының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Тойво Клаар менен ушырасыўы болып өтти.

    Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Европа халықаралық финанс институтлары ҳәм мәмлекетлик шөлкемлерди тартқан ҳалда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективаларын көрип шықты, сондай-ақ, әмелий бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған ири еки тәреплеме илажларды таярлаўдың шөлкемлестириў мәселелерин додалады.

    Инвестициялық ҳәм финанслық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў ҳәм жаңа басламаларды алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.

    Ушырасыў қатнасыўшылары Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы шерикликти беккемлеў ушын жаңа имканиятлар ашып беретуғын конструктивлик сөйлесиўди ҳәм жойбарлар үстинде биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге таяр екенин тастыйықлады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates