Тәреплер Өзбекстан - Иордания саўда-экономикалық бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәм оны кеңейтиў перспективаларын додалады. Аўыл хожалығы, химия санааты, фармацевтика тармақларында бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, санлы медицина тараўында заманагөй шешимлерди енгизиўге айрықша итибар қаратылды.
2025-жылдың жуўмақларына бола, Өзбекстан ҳәм Иордания арасындағы өз-ара товар алмасыў көлеми 79,2 процентке артты. Бүгинги күнде Өзбекстанда Иордания капиталының қатнасыўында 18 кәрхана жумыс алып бармақта.
Бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисине таярлық көриў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Иордания арасында жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимди дүзиў бойынша сөйлесиўлердиң барысы сөйлесиўлердиң айрықша темасы болды. Бул ҳүжжеттиң қол қойылыўы өз-ара өним жеткерип бериўди кеңейтиў, исбилерменлик жеделлигин арттырыў ҳәм мәмлекетлер арасындағы саўда-экономикалық байланысларды және де тереңлестириў ушын қосымша шараятлар жаратыў имканиятын беретуғыны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўдан өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмиетли бағдарлары бойынша жедел сөйлесиўди даўам еттириўге келисип алды.