Өзбекстан ҳәм Қазақстан: дослық, исеним, стратегиялық шериклик ҳәм жаңа дәўир аўқамласлығы

    Бүгин, 14-ноябрь күни Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев үш күнлик мәмлекетлик сапар менен Өзбекстанға келеди.

    Өз-ара ҳүрмет, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық мәплердиң уқсаслығына тийкарланған беккем байланыслар еки мәмлекет ғәрезсизлигиниң дәслепки жылларынан-ақ қәлиплести.

    Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында дипломатиялық қатнасықлар 1992-жыл 23-ноябрьде орнатылған.

    Кейинги жылларда болып өткен әҳмийетли жоқары дәрежедеги сапар етиўлер еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында әҳмийетли ҳәм басқышлы ўақыя болды.

    Атап айтқанда, 2017-жыл 22-23-март күнлери Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстанға мәмлекетлик сапары мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларда пүткиллей жаңа сапа басқышын баслап берди.

    Оған жуўап ретинде Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 2019-жыл 14-15-апрель күнлери мәмлекетлик сапар менен Өзбекстанға келди.

    Кейинги жыллары мәмлекет басшылары бир неше мәрте ушырасты - 2021-жыл 5-6-декабрь күнлери Өзбекстан Президентиниң Астанаға сапары, 2022-жыл 21-22-декабрь күнлери Қазақстан Президентиниң Ташкентке сапары, 2024-жыл 7-9-август күнлери Өзбекстан Президентиниң Қазақстанға мәмлекетлик сапары болып өтти.

    Буннан тысқары, еки мәмлекет жетекшилериниң үш мәрте - 2023-жыл 3-мартта Шымкентте, 2024-жыл 5-апрельде Хийўада ҳәм усы жыл 29-мартта Алматыда әмелий ушырасыўлары болып өтти.

    2025-жыл оғада жемисли болды: Қазақстан Президенти "Орайлық Азия - ЕА" саммитинде қатнасыў ушын 2025-жыл 3-4-апрель күнлери Самарқандқа барды, Өзбекстан Президенти май ҳәм июнь айларында еки мәрте Астанаға - "Орайлық Азия - Италия" ҳәм "Орайлық Азия - Қытай" саммитлеринде қатнасты.

    Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2018-жылы басланған Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары механизми айрықша әҳмийетке ийе. Бул платформа регионаллық сиясатты муўапықластырыў бойынша өзине тән майданға айланды, оның шеңберинде Өзбекстан ҳәм Қазақстан Орайлық Азияның турақлылығын ҳәм избе-из раўажланыўын тәмийинлеў бағдарындағы көзқарасларының бирдейлигин көрсетпекте.

    Регионаллық басламаларды биргеликте әмелге асырыў исенимди беккемлеўге, экономикалық ҳәм транспорт байланысларының нәтийжелилигин арттырыўға, гуманитарлық байланысларды тереңлестириўге хызмет етпекте.

    Сыртқы сиясий уйымлардың жедел бирге ислесиўи сиясий сөйлесиўди беккемлеўдиң әҳмийетли қуралы болып есапланады. Өзбекстан ҳәм Қазақстан сыртқы ислер министрликлери еки тәреплеме ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе кең көлемли мәселелер, соның ишинде, БМШ, ҒМДА, ШБШ, ИБШ, ТМШ ҳәм басқа да көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги бирге ислесиў бойынша турақлы түрде сиясий мәсләҳәтлесиўлер өткермекте.

    2023-2025-жыллары Ташкент ҳәм Астана қалаларында министрликлераралық мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги дөгереклери болып өтти, онда тәреплер бирге ислесиўди тереңлестириў перспективалары, регионаллық қәўипсизлик мәселелери ҳәм экономикалық жойбарларды жеделлестириў мәселелерин додалады.

    1997-жылдан берли Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық қоспа комиссия жумыс алып бармақта. 2019-жылдан берли оның жәрдемши баслықлары еки мәмлекеттиң Бас министрлери болып есапланады. ПИҚның соңғы, 22-мәжилиси 2025-жыл 22-23-октябрь күнлери Хийўа қаласында болып өтти.

    2021-жылдан берли Бас министрлердиң қатнасыўында 17 илаж өткерилди, соның ишинде, өз-ара сапарлар, сондай-ақ, Өзбекстан тәрепиниң ЕАЕА мәжилислери ҳәм ҳәр жылы өткерилетуғын "Санлы Алматы" форумларында қатнасыўы атап өтилди.

    Соның менен бир қатарда, 2018-жылы аймақлараралық бирге ислесиў механизми - Өзбекстан ҳәм Қазақстан аймақлары форумы иске қосылды. Төртинши форум 2024-жыл 20-21-октябрь күнлери Самарқандта, бесиншиси болса 2026-жылы Қазақстанда өткерилиўи режелестирилген.

    Парламентлераралық бирге ислесиў сиясий сөйлесиўдиң әҳмийетли бөлеги болып есапланады. Өзбекстан Президентиниң 2017-жыл март айында Қазақстанға мәмлекетлик сапары ўақтында еки мәмлекет Сенатлары арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылған еди. 2018-жыл 26-ноябрь күни Өзбекстан Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Қазақстан Парламенти Мәжилиси арасында да усындай ҳүжжетке қол қойылды.

    2020-жылы Өзбекстанда Қазақстан Парламенти менен бирге ислесиў бойынша комиссия дүзилди, Қазақстанда болса парламенттиң еки палатасы жанында өз-ара бирге ислесиў топарлары жумыс алып бармақта.

    2022-жылы Олий Мажлис спикери Нуриддин Исмоиловтың Қазақстанға сапары ўақтында тәреплер Парламентлераралық бирге ислесиў кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге қол қойған еди. Соннан берли қоспа мәжилислер, делегациялар алмасыўы ҳәм халықаралық парламент форумларында қатнасыў турақлы түрде әмелге асырылмақта.

    2025-жыл 7-апрель күни Қазақстан Парламенти Мәжилисиниң Баслығы Ерлан Кошанов Парламентлераралық аўқамның 150-Ассамблеясында қатнасыў ушын Ташкентке келди ҳәм Президент Шавкат Мирзиёевтиң қабыллаўында болды.

    Усы жылдың 18-19-август күнлери Олий Мажлис Сенатының баслығы Танзила Нарбаева рәсмий сапар менен Қазақстанда болып, Президент Қасым-Жомарт Тоқаев қабыллаўында болды, парламенттиң еки палатасы басшылары менен ушырасты, илимий-дөретиўши зыялылардың биринши форумында қатнасты.

    Турақлы парламентлераралық байланыслар тек ғана сиясий исенимди беккемлеў емес, ал экономика, социаллық тараў ҳәм экология тараўларын раўажландырыўға қаратылған нызамшылық басламаларының өз-ара муўапықлығын тәмийинлеў имканиятын бермекте.

    Қазақстан Өзбекстанның ең ири сыртқы саўда шериклери үшлигине киреди. 2024-жылы Қазақстанның регионаллық товар айланысында Өзбекстанның үлеси 55,8 процентти қураған.

    2022-жылы қоспа жойбарларды мониторинг етиў ҳәм импорттың орнын басыў бойынша Ҳүкиметлераралық жумысшы топар дүзилип, оған еки мәмлекет Бас министрлериниң орынбасарлары басшылық етти.

    Мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиў 1994-жыл 10-январьдағы ҳүкиметлераралық келисим тийкарында әмелге асырылмақта.

    Кейинги жылларда мәдений байланысларды беккемлеўге қаратылған онлаған илажлар, көргизбелер, фестиваллар, гастроллар ҳәм форумлар шөлкемлестирилди.

    2023-жылы Самарқанд ҳәм Бухарада Қазақстан мәденияты күнлери, 2024-жылы болса Астана ҳәм Алматы қалаларында Өзбекстан мәденияты күнлери өткерилди.

    Туризм тараўындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан ҳәм Қазақстан биргеликте Уллы жипек жолы бойлап туристлик маршрутларды алға қоймақта, бул мәдений алмасыўды раўажландырыў, сырт елли туристлерди тартыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етпекте. Диний ҳәм зыярат туризми бағдарлары жедел раўажланбақта, еки мәмлекет пуқаралары ҳәм сырт елли мийманлар ушын биргеликтеги саяхат бағдарламалары шөлкемлестирилмекте.

    Гуманитарлық байланысларды раўажландырыўда билимлендириў ҳәм илим тараўындағы бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелейди. Университетлер арасында академиялық алмасыўлар кеңеймекте, еки дипломлы бағдарламалар бойынша билим алып атырған студентлердиң саны артпақта. Қазақстанда Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемелериниң, Өзбекстанда болса Қазақстан билимлендириў мәкемелериниң филиаллары табыслы жумыс алып бармақта.

    Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан ҳәм Қазақстан өз-ара исеним, ашық-айдынлық ҳәм қоллап-қуўатлаўға тийкарланған стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық моделин көрсетпекте. Еки тәреплеме қатнасықлар сиясат ҳәм экономикадан баслап мәденият ҳәм билимлендириўге шекемги барлық әҳмийетли тараўларды қамтып алғаны оларға комплексли ҳәм турақлы характер береди.

    Мәмлекет басшылары тәрепинен алға қойылған басламалар байланысларды буннан былай да беккемлеў ҳәм узақ мүддетли жойбарларды қурыў ушын беккем тийкар болып хызмет етпекте. Еки мәмлекеттиң регионаллық ҳәм халықаралық форматларда қатнасыўы - бул Орайлық Азия жетекшилериниң Мәсләҳәт ушырасыўлары бола ма, ШБШ, ҒМДА, ИБШ ҳәм басқа да структуралар шеңбериндеги бирге ислесиў бола ма - олардың регионда турақлылық, қәўипсизлик ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўдеги ролин күшейтеди.

    Солай етип, бүгинги күнде Өзбекстан - Қазақстан қатнасықлары өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа басқышына шығып, туўысқан Орайлық Азия халықлары аўқамының үлкен потенциалға ийе екенин ҳәм пүткил регион ушын таяныш ўазыйпасын атқарып атырғанын тастыйықламақта.

    Усы мәниде, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың Өзбекстанға болажақ сапары жақсы қоңсышылық тарийхында жаңа бет ашады, еки мәмлекеттиң биргеликтеги ҳәрекетлери болса Орайлық Азия регионын турақлылық, избе-из раўажланыў ҳәм абаданлық мәканына айландырыўға хызмет етеди.

    "Дунё" МА.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates