"Арбат" концерни Россиядағы ең ири алтын қазып алыўшы компаниялардан бири есапланады. Компанияда 5 мыңнан аслам хызметкер жумыс ислейди, олардан 1 мың 200 и Өзбекстан пуқаралары.
Ушырасыў ўақтында тәреплер транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиўдиң перспективаларын додалады. Атап айтқанда, "Ташкент - Магадан" жөнелиси бойынша тиккелей авиақатнаўларды шөлкемлестириў имканияты көрип шығылды. Бундай рейслер исбилерменлик ҳәм туризм байланысларын раўажландырыў, еки аймақты жақынластырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Буннан тысқары, экспорт тараўындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды. Өзбекстан Магадан базарларына азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў, логистика ҳәм сертификатлаўды жетилистириў, өнимлерди қайта ислеў бойынша қоспа жойбарларды раўажландырыўды усыныс етти.
Тәреплер санаат кооперациясы, өнимлердиң сапасын арттырыў, стандартлар ҳәм технологияларды алмасыў, бизнес делегацияларының сапарларын шөлкемлестириў мәселелерине де итибар қаратты.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, еки тәреплеме саўда көлемин арттырыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенин тастыйықлады.








