Ҳүжжетке Өзбекстан ССП баслығының биринши орынбасары Давронбек Қурбонов ҳәм Малайзия палатасының президенти Зубер Бакри қол қойды. Меморандум еки мәмлекет исбилерменлери арасындағы тиккелей байланысларды беккемлеў ҳәм бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған.
Тәреплер саўда делегациялары ҳәм бизнес миссияларды алмасыў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, базарлар ҳаққындағы мағлыўматларды алмасыў, көргизбе ҳәм форумларда қатнасыў, билимлендириў ҳәм техникалық бағдарламаларды иске қосыў бойынша бирге ислесиўге келисип алды.
Хадал санаат, агросанаат, азық-аўқат, тоқымашылық ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары тийкарғы бағдарлар етип белгиленди.
Келисим жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў, инвестицияларды тартыў, Өзбекстан ҳәм Малайзия исбилерменлери ушын жаңа базар имканиятларын ашыўға хызмет етеди.