Сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы инвестициялық бирге ислесиўди және де кеңейтиў, экономиканың тийкарғы тармақларында перспективалы жойбарларды алға қойыў мәселелери додаланды.

Заманагөй қала қурылысы шешимлерин ислеп шығыў, ири инфраструктуралық ҳәм қурылыс жойбарларын әмелге асырыў, санлы технологияларды енгизиў, туризм инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм пайдалы қазылма кәнлерин өзлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында жойбарларды биргеликте ислеп шығыў ҳәм өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиў ушын министрликлер ҳәм уйымлар дәрежесиндеги сөйлесиўди даўам еттириўге келисип алынды.

Мағлыўмат ушын: HRL Group - smart city, турақ жай қурылысы, инфраструктура, жол ҳәм магистральлар, IТ-инфраструктура, дата-орайлар ҳәм санаат тараўларындағы жойбарларға қәнигелескен Пакистанның жетекши инженерлик-қурылыс компаниясы. Компания Пакистанда ири урбанизация басламаларын, соның ишинде, «Smart City» жойбарларын әмелге асырған.