Сөйлесиў ўақтында тәреплер экономикалық бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратты. Өз-ара саўда турақлы өсип баратырғаны атап өтилди: он айда товар алмасыў дерлик 450 миллион долларға жетти, соннан 320 миллион доллары Өзбекстаннан экспортқа туўра келди. Мәмлекетлеримиз арасындағы инвестициялық бирге ислесиў кеңейип баратырғаны - тоқымашылық, фармацевтика, химия, парфюмерия ҳәм аўыл хожалығы тараўларында қоспа басламаларды әмелге асырыў даўам еттирилип атырғаны атап өтилди.
Буннан тысқары, Өзбекстан Пакистанда бир қатар санаат жойбарларын, соның ишинде, турмыслық техника, тракторлар ислеп шығарыў, "ақыллы" есаплағышлар ҳәм газоблокларды енгизиўди алға қоймақта.
Ушырасыў қатнасыўшылары санлы раўажланыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Еки мәмлекет кооперация ушын жоқары потенциалды көрип атырған ИТ тараўындағы шерикликти кеңейтиў бойынша пикир алысылды. Технологиялық компаниялар арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, жаңа санлы өнимлер жаратыў, исбилерменлик байланысларын раўажландырыў ҳәм биргеликтеги инновациялық жойбарларды иске қосыўдан мәпдарлық билдирилди.
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер әмелий бирге ислесиўди жеделлестириў ҳәм Өзбекстан менен Пакистан арасындағы технологиялық шерикликти және де кеңейтиўге қаратылған еки тәреплеме ИКТ басламаларының комплексли режесин таярлаўға кирисиўге келисип алды.








