"Биз Россия Федерациясы экономикалық раўажланыў министри Максим Решетников пенен биргеликте Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процеси шеңберинде базарға кириў бойынша еки тәреплеме сөйлесиўлеримизди жуўмақлаўшы протоколға қол қойдық", - деп жазады Азизбек Урунов өзиниң LinkedInдеги бетинде.
Оның атап өтиўинше, сөйлесиўлер мазмунлы ҳәм конструктивлик руўхта өтип, унамлы нәтийже менен жуўмақланды.
А.Урунов, сондай-ақ, енди тийкарғы итибар көп тәреплеме сөйлесиўлер, зәрүр нызамшылық өзгерислерин жуўмақлаў ҳәм келеси жылы қосылыў процесин табыслы жуўмақлаўға қаратылғанын атап өтти.








