Мәжилис даўамында шөлкем жумысының әҳмийетли мәселелери додаланып, әҳмийетли қарарлар қабыл етилди. Абдулла Солиҳ Камол жаңа мүддетке ICCD президенти етип қайта сайланды, сондай-ақ, ағза мәмлекетлер палаталарының усыныслары тийкарында Директорлар кеңесиниң қурамы қәлиплестирилди.
Финанслық күн тәртиби шеңберинде 2024-жыл ушын есабатлар ҳәм 2026-жыл ушын бюджет тастыйықланды, 2026-жылға мөлшерленген халықаралық бизнес-форумлар ҳәм экономикалық илажлар кестеси таныстырылды.
Қабыл етилген қарарлар ислам дүньясында саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў, инвестициялар ағымын көбейтиў, исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар жаратыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.