Сөйлесиўде ири кәрханалар, соның ишинде, Магнит, Wildberries, Промомед, TCMT, Angren Pack, BCG GROUP OZ, Pipe Metal, Siberian Wellness ҳәм басқа да компаниялардың ўәкиллери қатнасты.
Тәреплер бизнести жүргизиўдиң әмелий тәреплерин, соның ишинде, товарларды маркировкалаў, қосымша қун салығын қайтарыў, тариф сиясаты ҳәм инфраструктураны раўажландырыў мәселелерин додалады. Ушырасыў жуўмағында инвестициялық орталықты буннан былай да жақсылаўға қаратылған усынысларды әмелге асырыў бойынша жуўапкерлер белгиленди.
Еки мәмлекеттиң экономикалық шериклиги турақлы өсиўди көрсетпекте: соңғы бес жылда товар алмасыў көлеми 5,7 миллиард доллардан 13 миллиард долларға, қоспа кәрханалар саны болса 3 есеге көбейип, 3 мың 200 ден асты. 2025-жылы өзлестирилген инвестициялардың көлеми 4,8 миллиард долларды қураған болса, бүгинги күнде санаат, агросанаат ҳәм фармацевтика тармақларында улыўма баҳасы 43,9 миллиард долларлық қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта.