Бул ҳаққында президенттиң ЖСШ мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Азизбек Урунов мәлим етти.
"Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўы бойынша жумысшы топардың 11-мәжилисинде Канада ҳәм Панама менен еки тәреплеме сөйлесиўлерди жуўмақлаўшы протоколларға табыслы қол қойылды", - деп атап өтти ол LinkedInдеги постында.
Өзбекстан Канада ҳәм Панама ўәкиллерине мәмлекетимиздиң ЖСШға қосылыўы процесинде ҳәм еки тәреплеме сөйлесиўлерде конструктивлик қатнасқаны ушын миннетдаршылық билдирди.



