Ол ЖСШға ағза болыў процесинде 2025-жыл анық нәтийжелерге қаратылған шешиўши жыл болғанын атап өтти.
Атап айтқанда, БМШға ағза 34 мәмлекеттен 33 и менен еки тәреплеме базарға шығыў бойынша сөйлесиўлер жуўмақланды. Процесс шеңберинде 40 тан аслам сөйлесиўлер ҳәм Жумысшы топардың 2 мәжилиси өткерилип, 200 ден аслам жазба сораўларға жуўаплар берилди.
Европа Аўқамы, Қытай, Россия, Уллы Британия, Швейцария, Канада, Австралия сыяқлы ири саўда шериклери менен келисимлерге ерисилди. Атап өтилиўинше, ҳәзирги ўақытта тек ғана бир еки тәреплеме сөйлесиў жуўмақланыўы күтилмекте. Бунда Тайвань нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, көп тәреплеме ҳәм жоқары дәрежедеги бирге ислесиў шеңберинде ЖСШ Бас директоры менен ушырасыўлар өткерилди, Нью-Йорк, Вашингтон ҳәм Женевадағы әҳмийетли халықаралық илажларда қатнасты. Өзбекстандағы экономикалық реформаларға бағышланған 3 халықаралық конференция шөлкемлестирилди.
Нызамшылықты ЖСШ талапларына муўапықластырыў шеңберинде 30 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.
Қалған еки тәреплеме сөйлесиўлерден бирин жуўмақлаў, көп тәреплеме сөйлесиўлер ҳәм Жумысшы топардың есабатын жуўмақлаў, нызамшылықты толық үйлестириў ҳәм Өзбекстанның ЖСШға ағза болыў процесин жуўмақлаў 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлар сыпатында белгиленди.
Атап өтилиўинше, 2025-жыл Өзбекстанның қағыйдаларға тийкарланған халықаралық саўда системасына, ашық-айдынлық принциплерине садықлығын және бир мәрте көрсетти. Ерисилген нәтийжелер Президент Шавкат Мирзиёевтиң избе-из қоллап-қуўатлаўы нәтийжеси екени атап өтилди.