2026-жыл 15-апрельден баслап банклер тәрепинен акцептсиз
шешим қолланылғанда ең кем азайтылмайтуғын қалдық енгизиледи - картада ҳәр
қашан базалық есаплаў муғдарының (БЕМ) кеминде 3 есеси сақланып қалады. Яғный,
қаржыларды есаптан шығарыў балансты толық сапластыра алмайды: операциялар тек
ғана белгиленген шегарадан жоқары болған суммалар шеңберинде әмелге асырылады.
"Акцептсиз есаптан шығарыў, әдетте, карта ийелериниң
банклер ҳәм қаржы шөлкемлери алдындағы қарызларын, соның ишинде, кредитлер,
бөлип-бөлип төлеў ҳәм басқа да мәжбүриятларды қаплаў ушын қолланылады. Солай
етип, қурал финанслық тәртип системасының бир бөлеги болып есапланады", -
деп түсиник берди компания.
Өзгерислер UZCARD
төлем системасы қағыйдаларына муўапық әмелге асырылды. Атап өтилиўинше, жаңа
шәртлер реквизитлери банк тәрепинен ОТП тастыйықланған қарыйдардан алынған
карталарға қолланылмайды.
UZCARD
қатнасыўшы банклер менен биргеликте зәрүр жаңаланыўларды техникалық жақтан
сазлаў жумысларын жуўмақлады.