Uzbekistan Airportsтың хабар бериўинше, самолёт Урумчи аэропортынан газ турбинасының әҳмийетли элементи - (ACWA Power Sirdarya) ушын роторды алып келген. Бул объект Өзбекстан Республикасының әҳмийетли энергетика жойбарларынан бири болып есапланады. Соның ушын жүклерге ислеў бериў ҳәм қабыл етиў жумыслары айрықша муўапықластырылған ҳәм итибарлы түрде әмелге асырылды.
Еслетип өтемиз, "Руслан" Ан-124 жүк тасыў бойынша дүньяда жетекши болып қалмақта. Самолёт 120-150 тоннаға шекем көтериў имканиятына ийе, жүк көлеми 1050 м3, тумсық ҳәм қуйрық люклерине ийе өзине тән конструкциясы жүкти бир ўақыттың өзинде еки тәрептен жүклеў имканиятын береди.