Бул илаж Аралбойы регионының гастрономиялық туризм бойынша
бийбаҳа потенциалын халықаралық майданда кеңнен үгит-нәсиятлаў,
Қарақалпақстанда мәдений-кеўилашар илажларды көбейтиў, аймаққа жергиликли ҳәм
сырт елли туристлерди көбирек тартыўға хызмет етеди.
Фестиваль 2017-жылдан берли турақлы түрде өткерип
келинбекте. Онда усы жылы 50 ге шамалас профессионал аспазлар қатнасып,
Аралбойы регионына тән ең жақсы ҳәм сийрек ушырасатуғын балық тағамларын
усынады.
Мийманлар 99 түрдеги ҳәр қыйлы балық тағамлары - қуўырылған
ҳәм писирилген балық, белгили балық сорпалары ҳәм басқа да миллий тағамлардың
таярланыў процесин көриўи ҳәм татып көриўи мүмкин. Фестиваль жуўмағында
жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтеди.
"Арал балықларынан 99 түрли тағам" фестивалы тек
ғана тағам байрамы емес, ал Аралбойының қайта тикленип атырған тәбияты, бай
мәдений мийрасы ҳәм миймандослық дәстүрлериниң айқын көриниси болып есапланады.