Сөйлесиў даўамында Татарстанда жасап атырған ўатанласларымыздың социаллық турмысы, билимлендириў, мәденият ҳәм өз-ара түсинисиў мәселелери додаланды.
Бизге белгили, 2019-жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен Қазан қаласында Волгабойы федерал округине хызмет көрсететуғын Бас консуллық шөлкемлестирилген еди. Поволже федерал округи 14 ўәлаятты өз ишине алады. Бул дипломатиялық ўәкилхана ўатанласларымыз бенен турақлы сөйлесиў алып барып, ҳуқықый мәселелерде, әсиресе, студент жасларға әмелий жәрдем көрсетпекте.
Бүгинги күнде Татарстан Республикасында 15 мыңнан аслам өзбекстанлы жасайды. Сондай-ақ, ўәлаяттағы абырайлы жоқары оқыў орынларында 2 мыңнан аслам жаслар билим алмақта.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасының Қазан қаласындағы Бас консуллығының жумысы ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, сондай-ақ, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды үгит-нәсиятлаўға қаратылғаны атап өтилди.
Бас консуллық ҳәм ўатанласларымыз Ғәрезсизлик күни ҳәм бир қатар миллий байрамларды турақлы түрде белгилеп келмекте. Сондай-ақ, жас әўлад арасында ана тилимизге ҳүрметти арттырыў мақсетинде өзбек тили мектебинде сабақлар шөлкемлестирилип, ўатанласларымыздың перзентлери ана тилин терең үйрениў имканиятына ийе болмақта.