Six Flags Qiddiya City Qiddiyaның кең көлемли жойбарының бир бөлеги болып, оның мақсети Араб шөлиниң үлкен аймағын дүньядағы ең ири кеўилашар ҳәм туризм орайларынан бирине айландырыўдан ибарат. Комплекс мәмлекет пайтахты Ар-Риядқа жақын жерде жайласқан болып, келешекте киберспорт майданы, стадион ҳәм аквапаркти өз ишине алады, деп жазбақта «Naked-science» басылымы.

Бул Арқа Америкадан тысқарыда қурылған биринши Six Flags тематикалық парки болып есапланады. Оның қурылысына 4 жылға шамалас ўақыт кеткен, комплекстиң майданы шама менен 32 гектар болып, ресторанлар, саўда зоналары ҳәм әлбетте, аттракционлар жайласқан.

Паркте жәми 28 аттракцион бар болып, олардан үшеўи тарийхқа кирген:

Falcon’s Flight - дүньядағы ең бийик, тез ҳәм узын америка таў төбелери болып, тезлиги саатына 250 км ге шекем жетеди;

Iron Rattler - дүньядағы ең бийик қыя роллеркостер;

Spitfire - ең жоқары инверсия бойынша рекорд болып, онда поезд терис айланып кетеди.

Six Flags Qiddiya Cityдиң ашылыўы Саудия Арабстанының үлкен раўажланыў бағдарламасы ушын унамлы белги болды, әсиресе, дүньядағы ең үлкен имараттың қурылысы тоқтап турған, мәмлекеттиң басқа аймақларында болса дүньядағы ең бийик имаратқа даўагерлик етип атырған бир ўақытта.