Атап өтилгениндей, келеси жыл ушын салық-бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларының орынланыўын тәмийинлеў, соның ишинде, әмелдеги нызам ҳүжжетлерин Жәҳән саўда шөлкеминиң келисимлерине муўапықластырыў, сондай-ақ, Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық форматтағы сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

2026-жылы салық сиясатында тийкарғы салық ставкалары өзгериссиз қалады: қосымша қун салығы - 12 процент, пайда салығының базалық ставкасы - 15 процент, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы - 12 процент, юридикалық тәреплердиң мүлк салығы ставкасы - 1,5 процент, аўыл хожалығы жерлерине салынатуғын жер салығы - 0,95 процент, социаллық салық - 12 процент (бюджет шөлкемлери ушын - 25 процент), айланыстан алынатуғын салық - 4 процент.

Буннан тысқары, Салық кодексинде қосымша қун салығының үзликсиз шынжырын жаратыў, халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, бул нызам мебель қурылысы ҳәм зергерлик тармақларында жумыс алып барып атырған исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, өнимниң экспортын кеңейтиў, халықтың дәраматларын арттырыў ҳәм турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеўге қаратылған.

Атап өтилгениндей, нызамның әмелге асырылыўы нәтийжесинде салық миннетлемелерин орынлаў бойынша тийисли ҳуқықый қатнасықларды тәртипке салыў нәзерде тутылып, бул исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыў имканиятын береди.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте микрофирмалар ҳәм киши кәрханаларға салық есабатларын өз ўақтында тапсырмағаны ушын жәрийма муғдары азайтылмақта ҳәм кейинги есабат 5 жумыс күнине шекемги мүддетке кешиктирилген жағдайда кейинги үш ай даўамында салық есабатларын өз ўақтында тапсырған салық төлеўшилерге ҳәкимшилик жәрийма қолланылмайтуғыны нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, бир календарь айының ишинде бир неше салық түри бойынша есабатлар өз ўақтында тапсырылмаған жағдайда барлық есабатлар ушын бирден-бир жәрийма қолланыў механизми енгизилмекте.

Сенат ағзалары өзлериниң шығып сөйлеўлеринде экономиканың аўыл хожалығы, тоқымашылық санааты, жергиликли санаат, азық-аўқат санааты, медиа ҳәм байланыс сыяқлы тараўларында бир қатар салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилип атырғанын атап өтти.

Буннан тысқары, бул нызам менен халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын белгиленген ставкаға салыстырғанда 0,5 тен 1,2 ге шекем азайтыўшы ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қолланыў, егер лазерли тегислеў талап етилетуғын суўғарылатуғын жерлер лазерли тегислеў жәрдеминде тегисленбеген болса, усы жерлер ушын пайдаланылатуғын суўдың көлеми бойынша салық ставкаларына салыстырғанда 1,2 ге шекем арттырыўшы коэффициентти қолланыў ўәкиллиги берилмекте.

Сенаторлардың атап өтиўинше, бул нызам исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме хошаметлеў, тең ҳәм әдил бәсеки орталығын тәмийинлеў, ҳәкимшилик жәриймалардың жүгин жеңиллестириў, жасырын экономиканың үлесин азайтыўға қаратылған.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.