Тәреплер стратегиялық шерикликти беккемлеўге умтылысы исенимли екенин тастыйықлады ҳәм аймақлараралық байланысларды кеңейтиўге таяр екенин билдирди.

Ушырасыўда еки ҳүжжет - сөйлесиўлер жуўмағы бойынша Протокол ҳәм әмелий илажлар Режесине қол қойылды. Олар саўда, санаат кооперациясы, транспорт, турақ жай коммуналлық хожалығы, билимлендириў, илим, мәденият, туризм ҳәм спорт тараўларында бирге ислесиўди нәзерде тутады.

Қурылыс, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, машина қурылысы, металлургия, агросанаат, шийки затты қайта ислеў, қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм туризм инфраструктурасын раўажландырыўды қамтып алған тийкарғы инвестициялық жойбарларға айрықша итибар қаратылды.

Ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы экономикалық байланысларды беккемлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, Өзбекстан ҳәм Санкт-Петербург аймақларының турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўына хызмет ететуғын экспорт потенциалын кеңейтиў имканиятын береди.