Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Ходжаев ҳәм Сербия Республикасы Бас министриниң орынбасары - экономика министри Адриан Месаровичтиң ушырасыўында еки тәреплеме шерикликтиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

Тәреплер товар алмасыўды көбейтиў, инвестициялық бирге ислесиўди жеделлестириў, шәртнамалық-ҳуқықый базаны жетилистириў ҳәм кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў илажларын көрип шықты.

Жалпы сессия шеңберинде Өзбекстан - Сербия қатнасықларының стратегиялық әҳмийети атап өтилип, өз-ара саўданы бир неше есеге арттырыў ўазыйпасы қойылды. Саўда ҳәм логистика тосқынлықларын сапластырыў, исбилермен топарлардың өз-ара бирге ислесиўин жеделлестириў, еки тәреплеме бизнес кеңесин шөлкемлестириў, сондай-ақ, Ташкент ҳәм Белград қалаларында саўда үйлерин ашыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Фармацевтика, тоқымашылық ҳәм химия санааты, аўыл хожалығы, қурылыс, энергетика ҳәм IТ тараўларында кооперацияны раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. В2В ҳәм G2В форматлары анық басламаларды пуқта ислеп шығыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша кейинги қәдемлерди белгилеў имканиятын берди.