Онда Олий Мажлис Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ЕҚБШ ҳәм сырт еллердиң конституциялық судларының ўәкиллери қатнасты.
Әнжуманда Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркия, Таиланд, Беларусь, Россия, Германия, Индонезия конституциялық судларының басшылары, халықаралық шөлкемлер, илимий топарлардың ўәкиллери де қатнасты.
Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Конституциялық суд өзиниң 30 жыллық жумысы даўамында мәмлекетте нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың конституциялық кепилликлерин беккемлеў ҳәм суд ҳәкимияты ғәрезсизлигин раўажландырыўға қосқан үлесин айрықша атап өтти.
Сондай-ақ, 2023-жылы әмелге асырылған конституциялық реформа инсан ҳуқықлары, суд еркинлиги ҳәм конституциялық қадағалаў системасын және де беккемлеў жолындағы әҳмийетли басқыш екени атап өтилди.
Соның менен бирге, Конституциялық судтың парламент пенен бирге ислесиўи айрықша атап өтилди. Суд тәрепинен ҳәр жылы Олий Мажлис палаталары ҳәм Президентке суд әмелияты ҳәм конституциялық нызамшылықтың жағдайы ҳаққында мәлимлеме бериледи, парламент болса бул усынысларды нызам дөретиўшилиги процесинде инабатқа алады.
Әнжуман шеңберинде Азия конституциялық судлары ҳәм оларға теңлестирилген институтлар ассоциациясына басшылық Таиланд Патшалығы Конституциялық судынан Өзбекстан Республикасына өткерилгени Өзбекстанда әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық реформаларының халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жоқары тән алыныўы, деп баҳалаў мүмкин.
Конференцияның жалпы сессияларында Конституциялық реформа, Конституциялық шағым институтын раўажландырыў, инсан ҳуқықларын қорғаўда конституциялық судлардың роли сыяқлы әҳмийетли темалар додаланды.