Мәжилиске Өзбекстан Бас министриниң орынбасары Жамшид Хожаев ҳәм Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының биринши орынбасары Денис Мантуров басшылық етти.
Илажда инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Хуррам Тешабаев, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң тийисли министрликлери ҳәм уйымларының басшылары қатнасты.
Өз-ара саўда көлеми артып атырғаны атап өтилип, шерикликти кеңейтиўге таярлық билдирилди. Тәреплер аўыл хожалығы, фармацевтика ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы бирге ислесиўди тереңлестириў әҳмийетли екенин атап өтти. Фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды локализациялаў, дәри-дәрмақлар жеткерип бериўди кеңейтиў ҳәм кадрлар таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Саўда, хызметлер, туризм ҳәм гуманитарлық алмасыўларды раўажландырыў бағдарлары додаланды. Тәреплер илимий ҳәм билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў перспективаларын, сондай-ақ, Өзбекстанда атом электр станциясын қурыў жойбарының барысын көрип шықты.
Мәжилис жуўмақлары бойынша ҳүжжетлер топламына қол қойылды, соның ишинде: Мәжилис протоколы; - 2025-2030-жылларға мөлшерленген аймақлараралық бирге ислесиў бойынша "жол картасы"; - 2025-2026-жылларға мөлшерленген Башқуртстан Республикасы менен саўда-экономикалық бирге ислесиў режеси; Россия Федерациясының "МСП" корпорациясы ҳәм Өзбекстан жеңил санаатты раўажландырыў агентлиги арасында меморандум.
Қабыл етилген келисимлер еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликти және де беккемлеў ҳәм экономикалық байланысларды раўажландырыўға қаратылған.











