Шөлкемлестириўшилер - Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм "Валдай" халықаралық дискуссия клубы.

Илаж Өзбекстан ҳәм Россияның мәмлекетлик уйымлары, аналитикалық ҳәм илимий-изертлеў орайлары, исбилермен топарларының ўәкиллеринен ибарат белгили экспертлерди бирлестиреди.

Конференцияда Өзбекстан тәрепинен СРИИ директоры Элдор Арипов, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими Улуғбек Қосимов, Өзбекстан сыртқы ислер министриниң орынбасары Бобур Усмонов, Өзбекстан санлы технологиялар министриниң биринши орынбасары Олег Пекось, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм регионаллық изертлеўлер институтының директоры Умид Абидхужаев ҳәм басқалар қатнасады.

Россия делегациясы қурамында Россия Федерациясы сыртқы ислер министриниң орынбасары Михаил Галузин, Россия Федерациясының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Алексей Ерхов, "Валдай" клубы қоры Кеңесиниң баслығы Андрей Бистрицкий, "Валдай" клубын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў қорының илимий ислер бойынша директоры Фёдор Лукьянов, "Валдай" клубының бағдарламалық директоры Тимофей Бордачев, Татарстан санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Герман Лернер ҳәм басқалар болады.

Әнжуманның тийкарғы мақсети саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт ҳәм технологиялық тараўлардағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларына итибар қаратқан ҳалда Өзбекстан - Россия стратегиялық шериклигин беккемлеўден ибарат.

Евроазияда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, санаат кооперациясы, инвестициялар ҳәм санластырыўды раўажландырыў, сондай-ақ, транспорт байланыслылығы ҳәм халықаралық саўда инфраструктурасын қәлиплестириў мәселелери дыққат орайында болады.

Болажақ конференцияның өзине тән өзгешелиги Татарстан Республикасы делегациясының қатнасыўында арнаўлы аймақлараралық сессияның шөлкемлестирилиўи болады. Додалаў шеңберинде Татарстан Республикасы ҳәм Термиз қаласының ўәкиллери санаат, инвестиция ҳәм гуманитарлық кооперацияның әмелдеги жойбарларын әмелий форматта додалаўы, сондай-ақ, аймақлараралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша анық қәдемлерди белгилеп алыўы мүмкин.

Конференция еки тәреплеме мәжилислер форматында экспертлик сөйлесиўди қоллап-қуўатлаў ушын дәстүрий майдан ўазыйпасын атқармақта. Илаж Өзбекстанның қубла шегараларындағы стратегиялық әҳмийетке ийе транспорт түйини болған "Термиз" халықаралық саўда орайы тийкарында Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында өткерилиўи режелестирилген.