Өзбекстанда кексе жастағы пуқаралар авиа ҳәм темир жол транспортына арзан шегирмелер менен саяхат етиўи мүмкин болады

    Туризм 3 қазан 2025 3936

    Өзбекстанда "Кекселер ушын туризм айлығы" мүнәсибети менен кексе әўлад ўәкиллериниң ишки туризмде белсене қатнасыўын қоллап-қуўатлаў мақсетинде авиақатнаўлар ҳәм темир жол қатнаўларына арнаўлы шегирмелер енгизилмекте.

    “Uzbekistan Airways” тан шегирмелер

    "Uzbekistan Airways" авиакомпаниясының жергиликли рейслеринде кексе жастағы пуқараларға економ-класстағы барлық тарифлерге 15 процентке шекем шегирме бериледи. Жеңиллик 60 жастан асқан ер адамлар ҳәм 55 жастан асқан ҳаял-қызлар ушын 2025-жыл 1-ноябрьден 30-ноябрьге шекем әмел етеди.

    «O‘zbekiston temir yo‘llari» нан шегирмелер

    «O‘zbekiston temir yo‘llari» компаниясы усы категориядағы пуқаралар ушын жол ҳақысының тариф бөлегин 20 процентке арзанлатады. Шегирме «Afrosiyob» жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын электропоездларынан тысқары барлық жергиликли жөнелислерде ҳәр жылы 2-октябрьден 8-октябрьге шекем ҳәм 1-ноябрьден 30-ноябрьге шекем әмел етеди.

    Бул илажлар ишки туризмди раўажландырыў, кекселер ушын қосымша қолайлықлар жаратыў ҳәм олардың турмыс сапасын арттырыўға хызмет етеди, деп хабар бермекте Транспорт министрлиги баспасөз хызмети.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates