Транспорт министрлигиниң мәлим етиўинше, жаңа механизм нәтийжесинде экспорт тәртип-қағыйдаларының басқышлары 9 дан 3 ке қысқармақта. Бул исбилерменлерге бажыхана брокерлериниң хызметлеринен жылына 15-20 миллиард сумға шекем үнемлеў имканиятын береди.

Система экспорт шәртнамасы тийкарында бажыхана жүк декларациясы ҳәм инвойс ҳүжжетлерин автомат түрде қәлиплестиреди, мағлыўматлардың анықлығы ҳәм бирдейлигин тәмийинлейди. Бажыхана шегарасын кесип өткенде товар ҳаққындағы мәлимлеме онлайн режиминде салық ҳәм басқа да ўәкилликли уйымларға жибериледи.

2025-жылдың сегиз айының жуўмағында темир жол арқалы тасыў көлеми 516,4 мың жүк вагонынан артты, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 12 процентке көп. Мәмлекетимиздиң сыртқы саўда жүклериниң тийкарғы бөлеги темир жол транспортында тасылып атырғанын есапқа алсақ, "Үш қәдемли экспорт" системасы арқалы экспорт операцияларының және де артыўы күтилмекте.

Еслетип өтемиз, алдын система 2024-жыл 25-марттан автомобиль тасыўлары ушын ҳәм сол жылдың 10-февралынан авиақатнаўлар ушын енгизилген еди.