Қарарға бола, 2026-жылдан баслап ҳәр жылы жаслардың ең жақсы бизнес ҳәм стартап жойбарларын анықлаў ҳәм хошаметлеў бойынша "Жас исбилерменлер" чемпионаты өткериледи. Оның нәтийжелери бойынша төмендегилер анықланды:
Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қоры (соның ишинде, "Жаслар дәптери" қоры) ҳәм «Yoshlar ventures» венчур қорының қаржылары есабынан ҳәр бир бизнес ҳәм стартап жойбарына (100 ге шекем) 1 миллиард сумға шекемги муғдарда инвестиция киргизиледи;
Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қорына ажыратылған қаржылар шеңберинде бизнес ҳәм стартап жойбарларды брендке айландырыў ушын финанслық ҳәм маркетинг хызметлери бойынша экспертлердиң қәрежетлери БЕМниң 100 есесине шекемги муғдарда төлеп бериледи;
Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қорының Кеңеси чемпионат жеңимпазларын мәмлекетлик сыйлықлар, "Фаол тадбиркор" ҳәм "Ўзбекистон белгиси" көкирек белгилери менен сыйлықлаўға усыныс етиў ушын ўәкилликли уйымларға усыныслар киргизеди.
2026-жыл 1-апрельден баслап "Санлы стартаплар" бағдарламасында қатнасып атырған стартап жойбарларға IТ-парк резиденти статусы бериледи және оларға нызамшылықта белгиленген жеңиллик ҳәм преференциялардан минимал экспорт көрсеткишлерин талап етпеген ҳалда пайдаланыўға руқсат бериледи.
2026-жылдан баслап ҳәр жылы "Стартап-экспо" көргизбесин өткериў жолға қойылады.