Бағдарламада қатнасыў ушын арза бериўши белгиленген
талапларға жуўап бериўи керек:
социаллық критериялар: баҳалаў нәтийжелери бойынша 30 ҳәм
оннан артық балл топлаў керек;
кредит тарийхы: бағдарламада қатнасып атырған кеминде бир
коммерциялық банктиң ишки талапларына жуўап бериўи;
турақ жай мүлкиниң жоқлығы: арза бериўши ҳәм оның өмирлик
жолдасының (ҳаялының) Өзбекстан Республикасы аймағында турақ жайы болмаўы;
дәрамат дәрежеси: орташа айлық дәрамат белгиленген социаллық
критерияларға сәйкес келиўи керек.
Турақ жай субсидиясын алыў ушын арзаны төмендеги усыллардан
бири арқалы тапсырыў мүмкин:
my.gov.uz Бирден-бир интерактив мәмлекетлик
хызметлер порталы арқалы;
MyGov мобил қосымшасы арқалы;
Мәмлекетлик хызметлер орайларына барып.
Пайдаланылмаған лимитлер саны шекленген болыўы мүмкинлиги
себепли пуқаралар өз ўақтында мүрәжат етиўи усыныс етиледи.