Қарарға муўапық, жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң егис материалының ҳақыйқый егилгенлигин тастыйықлаў, сондай-ақ, жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди жетистириў бойынша нәлханалар ҳәм плантацияларды мәмлекетлик есапқа алыў бирден-бир портал ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы әмелге асырылады.
Ҳүжжетке киргизилген өзгерислерге бола, жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди жетистириў бойынша питомниклер ҳәм плантациялар өсимлик жетистириўшилердиң жер участкаларында шөлкемлестириледи.
Өсимлик жетистириўшиси туқымның ҳақыйқый егилгенин тастыйықлаў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына ямаса мәмлекетлик есапқа алыў бирден-бир портал (my.gov.uz) арқалы мүрәжат етеди.
Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:
Өсимлик дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын рухсатнама;
Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди, олардың бөлеклерин алып кириўге ҳәм алып шығыўға рухсат бериў;
Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди жетистириў бойынша нәлханалар ҳәм плантациялардың реестрине нәлхана ямаса плантацияның мәмлекетлик дизимге алынғаны ҳаққындағы хабарнама, сондай-ақ, туқым жеткерип бериў шәртнамасы.
Ўәкилликли уйым арзаны бес жумыс күни ишинде көрип шығады ҳәм питомник пенен плантацияны Жабайы ҳалда өсиўши өсимликлер жетистириўши питомниклер ҳәм плантациялардың реестрине мәмлекетлик есапқа қояды.