Бул Реже "Экобелсенди пуқара" статусын бериў ҳәм
усы статусқа ийе болған шахсларды хошаметлеў тәртибин белгилейди.
Режеге муўапық, "Экобелсенди пуқара" статусы ҳәр
шереклик таңлаў нәтийжелери бойынша ең жоқары балл топлаған ҳәр бир аймақтан 50
таңлаў қатнасыўшысына бериледи.
Таңлаў қатнасыўшылары Экология ҳәм климат өзгериўи миллий
комитетиниң арнаўлы платформасында дизимнен өтеди ҳәм зәрүр мағлыўматларды
киргизеди.
Таңлаў нәтийжелери жуўмақлаўшы баллар белгиленгеннен соң 1
жумыс күни даўамында арнаўлы платформада жәрияланады.
"Экологиялық белсенди пуқара" статусы 3 ай
даўамында ҳәр айда кеминде 80 балл - жәми 240 ҳәм оннан жоқары балл топлаған
таңлаў қатнасыўшысына бериледи.
Егер "Экобелсенди пуқара" статусы
берилген таңлаў қатнасыўшысы кейинги 3 ай даўамында 80 баллдан кем балл
топласа, "Экобелсенди пуқара" статусы бийкар етилген
есапланады.
"Экобелсенди пуқара" статусын алған шахслардың
дизими Комитеттиң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.