Ҳүжжетке муўапық, товарларды бажыхана тексериўинен өткериў, оларды қоймаханаға түсириў, бажыхана қадағалаўы ҳәм товарлардың ҳәрекетин есапқа алыў процесслерин анық ҳәм ашық-айдын ҳүжжетлестириў мақсетинде бажыхана ҳүжжетлериниң жаңа түрлери енгизилди.
Атап айтқанда, төмендегилер тастыйықланды:
товарлар ҳәм транспорт қуралларын тексериў нәтийжелерин рәсмийлестириў ушын бажыхана тексериў акти;
физикалық шахслардың қол жүклерин ҳәм жүклерин бажыхана тексериўинен өткериўдиң айрықша актин;
товарлар бажыхана рәсмийлестирилиўинен алдын оларды көзден өткериў ямаса өлшеў ушын декларанттың электрон мүрәжаты;
- бажыхана уйымы хызметкериниң қатнасыўында ямаса қатнасыўысыз жүклерди бажыхана қоймаханасына түсириў бойынша арнаўлы акт формалары.
Бул ҳүжжетлер бажыхана уйымларының мәлимлеме системасы арқалы электрон түрде қәлиплестириледи ҳәм рәсмийлестириледи.
Сондай-ақ, буннан былай бажыхана тасыўшыларының реестрине киргизиў ушын Мәмлекетлик бажыхана комитетине мүрәжат етиў талабы, сондай-ақ, автомобиль транспортында жүклерди халықаралық тасыў жумысын әмелге асырыў ушын лицензияға ийе болған бажыхана тасыўшылары ушын усы реестрге киргизиў ушын арза формасы бийкар етилмекте.