"Арбитраж судлары ҳаққында"ғы нызамға киргизилген қосымшаларға бола, төрешилик судлары төмендегилерге байланыслы келиспеўшиликлерди шеше алмайтуғыны белгиленбекте:

жер менен;

имарат ҳәм объектлерге мүлк ҳуқықын белгилеў;

бюджет системасы бюджетлеринен, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан пул қаржыларын өндириў.

Сондай-ақ, төрешилер Әдиллик министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын арнаўлы бағдарлама тийкарында оқыў курсларынан өтиўи, билим ҳәм кәсиплик маманлығын турақлы арттырып барыўы белгиленген.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген қосымшаларға бола, арбитраж судларын нызамға қайшы түрде шөлкемлестириў -

- лаўазымлы шахсларға БЕМның 5 есесинен 10 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Жынаят белгилери болмаған жағдайда мәмлекетлик уйымлардың, шөлкемлер менен мәкемелердиң, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың, сондай-ақ пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының төрешилик келисиминиң тәреплери сыпатында қатнасыўы -

- лаўазымлы шахсларға БЕМның 5 есесинен 10 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.