Дәстүрий жыллы қабыллағаны ҳәм бүгинги саммитимизди әжайып тәризде шөлкемлестиргени ушын Тәжикстан Республикасы Президенти, ҳүрметли Эмомали Шарипович Раҳмон ҳүрметине билдирилген шын жүректен миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.
Тәжикстанның ҒМДАға нәтийжели басшылығын, бул дәўирде мәмлекетлеримиз арасындағы көп тәреплеме шериклик жаңа пәт пенен раўажлана баслағанын айрықша атап өтиўди қәлер едим.
Глобал сиясат ҳәм экономикада қыйын, алдыннан болжап болмайтуғын процесслер жүз берип атырған шараятта, халықаралық институтлардың роли төменлеп баратырған бир жағдайда ҒМДА өзиниң турақлылығы, нәтийжелилиги ҳәм зәрүр структура екенин көрсетиўди даўам еттирип атырғанын атап өтпекшимен.
Он жыллар даўамында жаратылған механизмлер ҳәм жолға қойылған сөйлесиўлер себепли экономикалық, социаллық ҳәм гуманитарлық мәселелерге байланыслы барлық тараўлар бойынша тығыз бирге ислесиўде жумыс алып барылмақта.
Биз ҒМДА шеңберинде бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, тәбийғый шериклеримиз болған мәмлекетлер менен әмелий бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыўдан мәпдармыз. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан көп тәреплеме қатнасықларды тереңлестириў бойынша билдирилген баҳа ҳәм усынысларды қоллап-қуўатлайды.
Мәмлекетлеримиз арасында экономикалық шерикликти кеңейтиў биз ушын, әлбетте, тийкарғы бағдар болып есапланады. Жәҳән экономикасында жағдай төменлеп, протекционизм күшейип атырғаны, турақлы раўажланыўға жаңа қәўиплер пайда болып атырғанын есапқа алсақ, бул айрықша айрықша әҳмийетке ийе.
Өткен жылы Өзбекстанның ҒМДАдағы шериклери менен саўда айланысының көлеми 11 процентке өскенин атап өтиў зәрүр. Өз-ара саўдада өсиў көлеми усы жылы да тәмийинленбекте.
Бундай көрсеткишлер тармақлараралық кооперацияны тереңлестириў ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы инвестиция ағымларының көбейиўи менен тиккелей байланыслы. Жедел бирге ислесиўимиздиң пәтлерин сақлап қалыў мақсетинде бар ресурсларды және де толық иске қосыў шешиўши мәселе, деп есаплаймыз.
Биргеликтеги ҳәрекетлеримизди төмендеги тийкарғы мәселелерге қаратыўды усыныс етемиз.
Бириншиден, саўда айланысын күшейтиў ушын және де қолайлы шараятларды қәлиплестириў.
Бул жерде сөз айрықша товарларды, биринши гезекте, аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў процесинде тәртип-қағыйда ҳәм талапларды әпиўайыластырыў ҳәм миллий базарларға кириў, соның ишинде, мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыў ҳаққында бармақта.
Мәмлекетлеримиз базарларын өз-ара муўапық ҳалда кеңейтиў әҳмийетли. Усы мүнәсибет пенен ҒМДА Экономикалық кеңеси шеңберинде сыртқы конъюнктура өзгерислерине жедел жуўап бериў ҳәм саўда ағымларының бағдарын өзгертиў бойынша механизмлерди иске қосыў мақсетке муўапық.
Сондай-ақ, техникалық тосқынлықлар ҳәм муўапықлықты баҳалаўға байланыслы ҳүжжетлерди тән алыў ҳаққындағы келисимлер жойбарларын келисиў бағдарындағы жумысларды жеделлестириў зәрүр, деп есаплаймыз.
Екиншиден, транспорт тараўында өз-ара бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратыўды қәлер едим.
Тилекке қарсы, ҒМДА мәканында транспорт тармағында әмелдеги коридорларды өткериў нәтийжелилигин төменлететуғын машқалалы жағдайлар елеге шекем сақланып қалмақта.
Барлық транспорт түрлери менен интеграцияласқан мәлимлеме-логистика орайларын жаратыўды заманның өзи талап етпекте, деп есаплаймыз.
Буннан тысқары, жүк тасыў инфраструктурасын модернизациялаў ушын жеке меншик инвестицияларды тартыўды хошаметлеў әҳмийетли. Усы мүнәсибет пенен транспорт тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик мәселелери бойынша ҒМДА мәмлекетлери конференциясын Өзбекстанда өткериўди режелестирмектемиз.
Үшиншиден, өз-ара инвестициялардың өсиўин хошаметлеў ҳәм кооперация жойбарларын қоллап-қуўатлаў.
Бирге ислесиў бойынша топланған унамлы тәжирийбени есапқа алып, мәмлекетлеримизде арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналарының жумысын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға байланыслы "жол картасы"н таярлаўды усыныс етемен.
Бизнести тартқан ҳалда кооперацияны тереңлестириў ҳәм инновациялық стартапларды алға қойыў ҒМДАның Венчур платформасын жаратыўға хызмет етеди.
Келеси жылы Ташкент "ИННОПРОМ" көргизбеси шеңберинде мәмлекетлеримиз аймақлары ҳәм жетекши компанияларының кең қатнасыўында ҒМДА инновациялық санаат форумын өткериўге таярмыз.
Егер кәсиплеслеримиз мақулласа, ҒМДА Экономикалық кеңесине қоспа жойбарларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған басламаларды әмелге асырыў бойынша илажларды ислеп шығыўға көрсетпе бериўди усыныс етемен.
Төртиншиден, энергетика тараўындағы бирге ислесиў әҳмийетли бағдарлардан бири болып есапланады.
Бүгинги күнде ҒМДАдағы шериклеримиз бенен дәстүрий ҳәм қолайлы энергия дәреклеринен пайдаланыў, соның ишинде, атом электр станцияларының қурылысы тараўында бир қатар ири стратегиялық жойбарларды әмелге асырмақтамыз.
Биз, ҒМДА мәмлекетлеринде энергетика секторын инновациялық раўажландырыў бойынша узақ мүддетли бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў тәрепдарымыз.
Бесиншиден, санластырыў тараўындағы бирге ислесиў айрықша итибарға ийе.
Усы жылдың август айында Самарқандта шөлкемлестирилген "ҒМДАда жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў" темасындағы халықаралық форум кооперация бағдарында өз-ара қызығыўшылық ҳәм имканиятлардың өсип баратырғанын көрсетти.
ҒМДА бойынша шериклеримиздиң бул тараўдағы жедел ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаймыз ҳәм Әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша көп тәреплеме реже ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Биз илим, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында қоспа бағдарламаларды кеңейтиўден мәпдармыз.
Мәмлекетлеримизде билимлендириў секторы ҳәм мийнет базары жедел раўажланып атырғанын есапқа алып, Дипломлар, қәнигелик ҳәм академиялық бағдарламаларды өз-ара тән алыў ҳаққында жаңа мәмлекетлераралық келисимди таярлаў, Профессионал стандартлар ҳәм қәнигелик талапларын үйлестириў механизмин енгизиў зәрүр, деп есаплаймыз.
Күн тәртибине инновациялық экосистемаларды қәлиплестириў, жас әўладтың дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық потенциалын қоллап-қуўатлаў ушын Жаслар лабораториясын жаратыў мәселесин киргизген ҳалда, ҒМДА Жаслар форумын Хийўада қабыллаўға таярмыз.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Бүгин мәмлекетлеримиздиң қәўипсизлиги ҳәм турақлылығына улыўма қәўип-қәтерлер ҳаққында көп айтылды.
Сыртқы сиясат уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлер бағдарлары бойынша системалы ҳәм тығыз байланысларды даўам еттириў әҳмийетли. Бул жерде сөз бирге ислесиўди муўапықластырыў, мәлимлеме алмасыў ҳәм қоспа илажларды өткериў ҳаққында бармақта.
Дослық аўқамының қубла шегаралары ҳаққында сөз етер екенбиз, Аўғанстанда сақланып қалып атырған қыйын жағдайды умытпаўымыз керек. Бул мәмлекетте экономикалық ҳәм социаллық кризис тереңлесип атырғанын есапқа алсақ, оның аймағынан болатуғын қәўип-қәтерлер сақланып қалмақта.
Өзбекстан Аўғанстанда узақ мүддетли тынышлық, татыўлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўдиң исенимли тәрепдары екенин атап өтемен.
Усы мүнәсибет пенен бул мәмлекетте ири инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўда биргеликте қатнасыў имканиятларын көрип шығыўды усыныс етемиз.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Биз ҳүрметли Сергей Николаевич Лебедевтиң Дослық Аўқамы Бас хаткери лаўазымына қайта тайынланыўын толық қоллап-қуўатлаймыз.
Сөзимниң жуўмағында Түркменстан Президенти, ҳүрметли Сердар Гурбангулиевич Бердимуҳамедовқа ҒМДАда басшылықты қабыл етип алыўы мүнәсибети менен табыслар тилеймен.
Бул ушырасыў ҳәм қабыл етилип атырған қарарлар өз-ара пайдалы көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге имканият жарататуғынына, халықларымыз ҳәм мәмлекетлеримиздиң раўажланыўы ҳәм абаданлығы жолындағы улыўма мақсет ҳәм ўазыйпаларымызға ерисиўге хызмет ететуғынына исенемен.








