Дүньяның 20 мәмлекетинен 700 ге шамалас оқыўшы қатнасқан бул олимпиадада Өзбекстан сайланды командасы үлкен табысқа еристи:

2 алтын, 5 гүмис, 12 бронза - жәми 19 медаль!

Өзбекстан сайланды командасы өткен жылы 20-Халықаралық Жаутиков Олимпиадасында жәми 14 медаль қолға киргизген еди.

Илим - раўажланыўдың гилти. Ҳәр бир жетискенлик - айдын келешекке қойылған беккем қәдем болып есапланады.