Мәмлекет көлеминде болса раўажланыў ядросын анық санлар ҳәм статистикалық дәлиллер белгилеп береди. Келиң, буның әҳмийетин өзимниң мысалымда әпиўайырақ түсиндириўге ҳәрекет етейин.
Мәмлекетлик хызметкер болыў менен бирге төрт перзенттиң анасыман. Мен ушын өмирде ең әҳмийетлиси - балаларымның келешеги. Оларды усы миллет ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўына байланыслылық сезими, ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў - ең тийкарғы мақсетим.
Бүгин елимизде басланған халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажы жүдә әҳмийетли процесс. Себеби мендей әпиўайы ҳаяллар перзентиниң 35-40 орынлы класста емес, ал 20-25 оқыўшы арасында билим алыўын қәлейди. Картошка ямаса геширдиң баҳасы көтерилип кетпеўи, турмысында молшылық, шаңарағында турақлы қут-берекет болыўына үмит етеди. Соның ушын 15-январьдан 28-февральға шекем даўам ететуғын халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажында ҳәммени белсенди болыўға, сораўларға қунт пенен дурыс жуўап бериўге ҳәм Өзбекстанның келешегине байланыслылық сезими менен қатнас жасаўға шақыраман.
Мәмлекетке бизлердиң қанша пул табып атырғанымыз емес, тойып жасаўымыз әҳмийетли. Жер-мүлкимизге қол урыў емес, ҳәр бир қарыс топырағымыздан өнимли пайдалана алыўымызға жәрдем бериў абзал. Шетки аймақлардағы халық та суў, газ ҳәм электр энергиясы тәмийнаты және санитариялық шараятларға ийе болыўы керек.
Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў - бул мәмлекетте ҳәмме бирдей қәдирленип жасаўын тәмийинлеў, жумыссызлықты азайтыў, абаданлық ушын инвестиция тартыў, экспорт-импорт көлемин дурыс прогнозлаў, стратегиялық қарарлар қабыл етиў ушын жүдә әҳмийетли процесс.
Өзбекстанға бир жыл алдын келген мийман бүгин елимизди танымай қалмақта. Себеби, раўажланыў жеделлик пенен өтпекте. Ҳәр бир тараўда - ол сиясий, социаллық-экономикалық ямаса мәдений-гуманитарлық тараў болсын, барлық бағдарларда мәмлекетимиз өзине тән салмақлы жетискенликлерге, унамлы өзгерислерге ериспекте. Бүгин буны пүткил дүнья тән алмақта.
Раўажланған мәмлекетлерде ҳәр 10 жылда бир мәрте халықты, ҳәр бес жылда бир мәрте аўыл хожалығын дизимге алыў дәстүри жолға қойылған. Халықаралық майданда да өз абырайына ҳәм имиджине ийе болып үлгерген Өзбекстан ушын бул оғада әҳмийетли ўақыя. Мәмлекетимизде ақырғы мәрте 1989-жылы халықты дизимге алыў улыўма миллий илажы өткерилген.
Өткен 35 жылдан аслам ўақыт даўамында демографиялық ҳәм социаллық-экономикалық көрсеткишлерде сезилерли өзгерислер жүз берди. Бул өзгерислер заманагөй талаплар ҳәм халықаралық стандартларға муўапық халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўдың жаңа басқышын шөлкемлестириў зәрүрлигин пайда етти.
Усы мақсетте Өзбекстан Республикасының "Халықты дизимге алыў ҳаққында"ғы нызамы қабыл етилди. Онда халықты кеминде ҳәр 10 жылда, аўыл хожалығын болса ҳәр 5 жылда дизимге алыў тәртиби белгиленди. 2021-жылы халық ҳәм 2022-жылы аўыл хожалығы сынақ түринде дизимге алынды. Толық дизимге алыў ушын зәрүр техникалық таярлық, ҳуқықый тийкарлар ҳәм басқа да факторлар ислеп шығылғаннан соң бул илаж 2026-жылға көширилди.
Халықты дизимге алыў процесиниң аўыл хожалығы менен үнлес ҳалда әмелге асырылыўы үлкен стратегиялық әҳмийетке ийе. Бул дизимге алыў қәрежетин сезилерли дәрежеде қысқартыў, ўақытты үнемлеў ҳәм сораўларды оптималластырыў имканиятын береди. Бул қатнас мәмлекеттиң финанслық ҳәм шөлкемлестириў ресурсларын нәтийжели басқарыўға хызмет етеди. Соның менен бирге, мағлыўматлардың толықлығы ҳәм сапасын арттырады.
Дизимге алыў процеси 2026-жыл 15-январьдан 28-февральға шекем болып өтеди. Бул процесс үш басқышта шөлкемлестириледи. Дәслепки 17 күнде халыққа интернет арқалы мағлыўматларды киргизиў имканияты жаратылады. Онда пуқаралар census.stat.uz порталы арқалы OneID системасы жәрдеминде дизимнен өтеди. Адамлар өзи ҳәм шаңарақ ағзалары ҳаққындағы сораўнаманы еркин толтырыўы мүмкин. Кейинги бир айда болса "мәҳәлле жетилиги" ағзаларының қатнасыўында үйме-үй жүрип мағлыўмат жыйналады. Процессти табыслы әмелге асырыў ушын "мәҳәлле жетилиги" ағзалары арнаўлы бағдарлама тийкарында таярланады ҳәм олардың жумысы хошаметленеди. Жетиликтиң халық пенен турақлы байланыста болыўы ҳәм жергиликли халықтың мүтәжликлери менен шараятларын жақсы билиўи мағлыўматлардың сапасы, ҳақыйқатлығы ҳәм анықлығына кепиллик береди. Бул қатнас тек ғана экономикалық үнемлеўди тәмийинлеп қоймастан, ал мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы исеним ҳәм бирге ислесиўди беккемлейди.
Пүткил дүньяда альтернативине ийе болмаған мәҳәлле институты халық ҳәм мәмлекет арасында исенимли көпир ўазыйпасын атқарады. Есик қағып, "халықты дизимге алыў бойынша келдик, мағлыўматларыңызды бериң", дейтуғын белгисиз шахсларға ҳеш ким өзи ҳаққында ҳеш қандай мағлыўмат бермейди. Себеби алдаўшылық жағдайлары да ушырасып қалыўы мүмкин. Мәмлекет тәрепинен ислеп шығылған жеке мағлыўматлардың қол қатылмаслығына байланыслы пуқта илажлардың нәтийжесинде ҳәр бир шахс өзи таныйтуғын "мәҳәлле жетилиги" ағзаларына ғана исенип мағлыўматларды усыныўы мүмкин. Шахсқа тийисли мағлыўматлардан тек ғана стратегиялық мақсетлерде пайдаланылады, яғный топланған мағлыўматлар талланып, аймақлар бойынша жуўмақластырылады.
Дизимге алыў процеси жуўмақланғаннан соң, мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм таллаў басқышы басланады. Нәтийжелер Европа статистика конференциясының 2020-жылғы усынысларына муўапық улыўмаластырылады. Нәтийжеде мәмлекетимиз халқының демографиялық қурамы, миграция процеси, шаңарақлық жағдайы, жумыс түрлери ҳәм дәрамат дәреклери ҳаққында бирден-бир мағлыўматлар базасы қәлиплеседи. Буннан тысқары, аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыў салмағы, шарўашылық ҳәм қусшылық тараўына байланыслы көрсеткишлер анықланады.
Топланған мағлыўматлар республика ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын ашыў, халықтың саламатлығын жақсылаў ҳәм шаңарақларға жәрдем көрсетиў бойынша бағдарламаларды мәнзилли ислеп шығыўда әҳмийетли мәлимлеме базасы болып хызмет етеди.
Процесс өткерилетуғын бул дәўир халықтың аз ҳәрекетленетуғын қыс мәўсимине туўра келиўи менен де айрықша әҳмийетке ийе. Бул дәўирде аўыл хожалығында мәўсимлик жумыслар азайып, фермерлер ҳәм дийқанлар ушын мағлыўматларды усыныў ўақты қолайлы болады. Мәўсимлик факторларды есапқа алыў, сондай-ақ, шөлкемлестириў имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў дизимге алыў процесиниң анықлығы ҳәм толықлығын тәмийинлейди. Мәселен, қыс мәўсиминде шарўа малларының саны ҳәм жер ресурсларынан пайдаланыў жағдайын анықлаў аңсатырақ болып, бул мағлыўматлардың исенимлилигин арттырады.
Сораўнамадағы 71 сораўдың 54 и халыққа, 17 си аўыл хожалығына байланыслы. Соның ишинде, тийкарғы демографиялық көрсеткишлер, халықтың дәрамат дәреги, бәнтлиги ҳәм билимлендириў дәрежеси, турақ жайдың өзгешеликлери, айырым категориялар, сырт ел пуқаралары және аўыл хожалығы бойынша сораўлар орын алған. Сондай-ақ, илажды әмелге асырыў қәрежети оптималластырылып, мәмлекетлик бюджет ушын 1,5 триллион сум үнемленеди.
Бул илажды халықаралық шөлкемлер де жоқары баҳаламақта. БМШ Халықтаныў қоры (UNFPA) ҳәм Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) экспертлери Өзбекстанның халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў бойынша таярлық жумыслары ҳәм бул процесстиң биргеликте шөлкемлестирилиўине унамлы жуўмақ билдирген. Бул халықаралық шөлкемлердиң қоллап-қуўатлаўы дизимге алыў процесиниң глобал стандартларға муўапықлығын ҳәм нәтийжелериниң халықаралық көлемде тән алынатуғынын көрсетеди.
Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў тек ғана мәмлекетлик уйымлар ушын статистикалық мағлыўматларды жыйнаў емес, ал пүткил жәмийеттиң абаданлығы ҳәм келешектеги раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет ететуғын әҳмийетли илаж. Бул процессте алынған мағлыўматлар мәмлекетимиз пуқараларының жасаў сапасы, абаданлығы ҳәм келешек имканиятларына тиккелей тәсир көрсетеди. Сонлықтан, ҳәр бир пуқараның белсене ҳәм жуўапкершиликли қатнасыўы усы тарийхый процесстиң табыслы болыўын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Камола ИСМОИЛОВА,
Миллий статистика комитети баспасөз ҳәм
жәмийет пенен байланыслар бөлиминиң баслығы