Сатып алыў тәртип-қағыйдаларының жаңа түрлери енгизиледи

    29 қараша 2024 514

    Президент тәрепинен қол қойылған Нызамы (ӨРН-1005-санлы, 27.11.2024-ж.) менен "Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында"ғы Нызамына мәмлекетлик сатып алыўлар системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди.

    Усы Нызам менен аз қунлы сатып алыў ушын әпиўайыластырылған тәртип ҳәм еки басқышлы мәмлекетлик сатып алыўлар сыяқлы сатып алыў тәртип-қағыйдаларының жаңа түрлериниң енгизилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

    Турақлылық принципи, орайласқан мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў механизми, дәрежели келисимди дүзиў ҳәм әмелге асырыў тәртиби, сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўлар тараўындағы шағымларды көрип шығыў ўақтында мәплер соқлығысыўының алдын алыў бойынша илажлар ҳәм басқа да мәселелер белгиленбекте.