Хызметлер тараўы: Базарлардың жаңа картасы қәлиплестирилмекте

    Пикир 4 шілде 2025 606

    Раўажланған мәмлекетлер экономикасында хызметлер тараўы стратегиялық тармақлардан бири сыпатында айрықша орын ийелейди. Бул тараў тек ғана жалпы ишки өнимниң көлемин қәлиплестирип қоймастан, ал жумыс орынларын жаратыў, сыртқы саўда балансын ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаўда әҳмийетли қурал болып есапланады. Хызметлер секторы экономиканың басқа тараўлары - санаат, аўыл хожалығы, қурылыс ҳәм ҳәттеки мәмлекетлик басқарыў менен тығыз байланысқан болып, олардың нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлейди.

    Бүгинги глобалласыў шараятында санлы технологиялар, логистика, финанслық хызметлер, туризм, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў сыяқлы бағдарлардың раўажланыўына мәмлекетлер арасындағы экономикалық айырмашылықты белгилеўши факторлардан бири сыпатында қаралмақта. Жәҳән әмелияты соннан дәрек береди, жоқары дәраматлы мәмлекетлер жалпы ишки өниминиң 60-80 процентине шекемги бөлеги әйне хызметлер секторының үлесине туўра келеди. Бул болса усы тараўды тек ғана экономикалық ресурс емес, ал стратегиялық тийкарғы дәрежеге алып шығады.

    Елимизде санлы хызметлер, электрон коммерция, банк ҳәм қаржы технологиялары, туризм, билимлендириў ҳәм транспорт-логистика тараўлары басқышпа-басқыш модернизацияланғаннан соң олар экономикамыздың тийкарғы драйверлеринен бирине айланды.

    Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институтының қәнигелери 2017-2024-жыллар даўамында хызметлер тараўының раўажланыўын таллады. Оған бола, 2024-жылдың ақырына келип хызметлер тараўы Өзбекстан жалпы ишки өниминиң қурамында 47,4 процентти қураған. 2020-жылы бул көрсеткиш 41,6 процент болған.

    Хызметлер тараўының кеңейиўи санаат ҳәм аўыл хожалығына қарағанда кемирек ресурс талап ететуғын болса да, халық талапларына жақын болыўы, тез өзгерислерге бейимлесе алыўы менен парықланади. Соның ушын бул тармақ экономика нәтийжелилигин арттырыўда стратегиялық әҳмийетке ийе болмақта.

    2017-жылы хызметлер тараўындағы бәнтлик дәрежеси 49,8 процентти қураған болса, 2024-жылы 55,4 процентке жетти. Бул өсиў мәмлекетте хызметлер секторы тәрепинен жаратылған жумыс орынларының саны көбейгенин, сол арқалы халық арасында жумыссызлық дәрежесин азайтыўшы механизм сыпатында хызмет етип атырғанын көрсетеди. Әсиресе, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм хызмет көрсетиўге бейим болған кәсип ийелери ушын жаңа имканиятлар ашылмақта. 2024-жыл жағдайына бола, Өзбекстанда хызмет көрсетиўши кәрханалардың саны 310,8 мыңға жетти. Бул 2017-жылдағыдан 1,6 есеге көп.

    Бул өсиў, бәринен бурын, исбилерменлик орталығын жақсылаў, лицензиялаў ҳәм руқсат бериў процесслерин әпиўайыластырыў, электрон хызметлер платформаларын кеңнен енгизиў ҳәм халықтың жеке басламасының артып баратырғаны менен байланыслы. Хызметлер тараўының өсиўи тек ғана ЖИӨдеги үлесин ҳәм бәнтликти арттырып қоймастан, ал мәмлекет халқының күнделикли турмысына жақын болған ҳәр қыйлы бағдарларда сапалы, жедел ҳәм бәсекиге шыдамлы шешимлерди усыныс етпекте. Бул тармақ санлы технологиялар менен тығыз байланыслы раўажланбақта ҳәм инновацияларды қабыл етиў қәбилети жоқары.

    Глобаллық экономикада хызметлер тараўы барған сайын әҳмийетли орын ийелеўи, санлы технологиялар, финанслық инструментлер ҳәм инсан капиталына инвестициялар тараўдың үлесин кескин арттырды. Өзбекстан да бул тенденциядан шетте қалмаған. Жәҳән банки мағлыўматларына бола, 2017-2023-жыллар даўамында Өзбекстанда хызметлер тараўында қосымша қундың орташа жыллық өсиўи 6,5 процентти қураған. Бул Орайлық Азиядағы ең жоқары көрсеткиш болып есапланады.

    Жәҳән банки таллаўларына бола, бул көрсеткиш Қазақстан (2,5%), Қырғызстан (3,1%) ҳәм Тәжикстан (5,2%) сыяқлы қоңсы мәмлекетлерден бир қанша жоқары. Кейинги сегиз жыл даўамында мәмлекетимизде көрсетилген хызметлердиң улыўма көлеми 2,5 есеге артқан. Әсиресе, финанслық хызметлер 7,6 есеге, мәлимлеме ҳәм байланыс хызметлери 4,9 есеге, билимлендириў хызметлери 3,2 есеге өскени елимизде санлы трансформация, экономикалық еркинлесиў ҳәм билимли кадрларға талап артқанын көрсетеди.

    Халықаралық баҳалаўларда Өзбекстанның позициясы беккемленбекте. 2023-жылы жәрияланған Халықаралық хызметлердиң жайласыў индексинде (GSLI) мәмлекетимиз 78 мәмлекет арасында 40-орынды иеледи. Онда бизнес ушын финанслық тартымлылық дәрежеси жоқары баҳаланды. Сондай-ақ, Санлы басқарыў жетиклик индексинде (GTMI, 2024) Өзбекстан 43-орынды ийелеп, 2020-жылдағыдан 37 текше жоқарылады. Электрон қатнасық индексинде болса 53-орынға көтерилди ҳәм 0,699 индекс баҳасы менен санлы хызметлери раўажланған мәмлекетлер қатарында беккем орын ийеледи.

    Санластырыў процесслери ҳәм онлайн хызметлердиң раўажланыўы нәтийжесинде мәлимлеме ҳәм электрон саўда тараўларының үлеси 2017-жылдағы 2,2 проценттен 3,7 процентке шекем артты. Электрон коммерция базарының көлеми болса 1 миллиард АҚШ долларынан артқаны интернет арқалы экономикалық белсендилик жеделлик пенен өсип атырғанын көрсетеди. Бул тек ғана экономикалық нәтийжелилик емес, ал жәмийеттиң санлы мәденияты ҳәм көнликпелери өсип атырғанынан дәрек береди.

    Туризм хызметлери болса ең тез өсип атырған бағдарлардан бирине айланды. 2017-жылдан берли олардың көлеми 2,1 есеге артқан. 2024-жылы туризм хызметлери тараўында ең үлкен үлес - 22,4 процентти қурады. Усы жылы Өзбекстан 8 миллион туристти қабыл етти ҳәм Орайлық Азияда туристлер ағымының өсиўи бойынша 1-орынды ийеледи. Өсиў пәти жылына 20,1 процентти қурады. Туризм ҳәм саяхатларды раўажландырыў индексинде (TTDI) елимиз 119 мәмлекет арасында 78-орынды ийелеп, 2024-жылдың өзинде 16 текше жоқарылады. Бул нәтийжелер туризм инфраструктурасы, санлы хызметлер (онлайн бәнт етиў, виртуал турлар) ҳәм виза рәсмийлестириў процесслериниң әпиўайыластырылыўы (e-visa) менен байланыслы.

    Өзбекстан логистика тараўында да өз позицияларын жақсыламақта. Логистика нәтийжелилиги индексинде (LPI) 139 мәмлекет арасында 88-орынды ийеледи ҳәм 2018-жылдағыдан 11 текше жоқарылады. Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамында 5-орын, Орайлық Азияда болса 2-орын атап өтилди. Ең үлкен өсиў бажыхана процесслериниң нәтийжелилиги, халықаралық саўдадағы логистика шынжырларының интеграция дәрежеси ҳәм логистика хызметлериниң сапасы бойынша бақланды.

    2024-жылы хызметлер экспорты 7,2 миллиард АҚШ долларын қурады. Бул 2017-жылдағыдан 6 есеге көп болып, улыўма экспорт көлеминиң 26,7 процентин қурады. Хызметлер экспорты қурамында тийкарғы үлести туризм (3,5 миллиард доллар - 48,8 процент) ҳәм транспорт (2,6 миллиард доллар - 35,7 процент) қурады. Бул болса Өзбекстанның халықаралық хызметлер базарындағы орны барған сайын беккемленип атырғанын аңлатады.

    Экономикалық раўажланыў тек ғана санаат ямаса аўыл хожалығы менен емес, ал хызметлер секторындағы реформалар ҳәм инновациялар менен де тығыз байланыслы. Хызметлер тараўы инсан капиталына, билим, мәлимлеме ҳәм коммуникацияларға сүйенетуғын заманагөй экономиканың жүреги болып есапланады. Ол жәмийеттиң мәдений, ағартыўшылық ҳәм интеллектуал дәрежесин белгилеп бериўши тийкарғы нормаға айланып бармақта. Егер билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, қаржы, IТ, туризм ҳәм басқа да хызметлер тараўлары раўажланса, тек ғана экономикалық өсиў емес, ал инсан абаданлығының да жоқарылаўына хызмет етеди.

    Елимизде хызметлер тараўында бақланып атырған жоқары өсиў пәтлери экономиканың диверсификацияланып атырғанын, яғный тек ғана бир неше тармаққа емес, ал кең көлемли ҳәм турақлы раўажланыўға умтылыўды көрсетеди. Бул процессти қоллап-қуўатлаў ушын мәмлекетлик сиясаттың ашық-айдынлығы, исбилерменлик орталығын жақсылаў, санлы инфраструктураны кеңейтиў ҳәм инсан капиталына инвестиция киргизиў тийкарғы ўазыйпа болып қалыўы керек.


    Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates