2025-жыл 6-ноябрь күни Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталарының бас редакторы, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист, Салим Дониёровтың "Жаңа Өзбекстан әрманы" атамасындағы китабының презентациясы болып өтти. Илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, зыялылар, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Презентация мәресимин Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид ашып берип, китаптың мазмун-мәниси, онда Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған Жаңа Өзбекстанды қурыў идеясы, Үшинши Ренессанс тийкары, ашық ҳәм прагматикалық мәмлекетлик сиясат және инсан қәдирин жоқарылатыў принциплери ҳәр тәреплеме сәўлелендирилгенин айрықша атап өтти.
Кейинги жылларда мәмлекетимизде болып атырған түпкиликли реформалардың мазмун-мәниси, бәринен бурын, инсан мәплерин жоқары қәдирлеўге қаратылған.
2020-жыл 25-январьдан баслап шығарыла баслаған "Янги Ўзбекистон" газетасы қысқа ўақыт ишинде жәмийетшиликтиң исенимине ерисип, жаңа мәмлекетлик сиясат - әдиллик, ашық-айдынлық ҳәм прагматизм принциплерин кең көлемде таллап келмекте. Усынылған "Жаңа Өзбекстан әрманы" китабы да әне усы мақсет - жаңа дәўир өзгерислерин, мәмлекетлик сиясаттың мәнисин халыққа жақынластырыў болып табылады. Онда Ўатанға муҳаббат, миллий үрп-әдетлерге, улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет сезимлери өз көринисин тапқан.
Автордың жәмийетлик-сиясий бағдардағы мақалаларында Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған реформаларға пидайылық сәўлеленеди. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының сиясий ерк-ықрары менен жолға қойылған, айтыў керек болса, қайта жанландырылған тарийхый өзгерислер шеберлик пенен қәлемге алынған.
Китапқа киргизилген мақала ҳәм сәўбетлер 2020-2025-жыллары "Янги Ўзбекистон" газетасында жәрияланған. Усы жағынан топлам тийкарынан еки бөлимге бөлинеди: биринши бөлимнен автордың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер менен сәўбетлери орын алған болса, екинши бөлимде Ўатан ҳәм миллеттиң келешеги, абырайы жолында әмелге асырылып атырған жумыслар терең талланған.
"Жаңа Өзбекстан әрманы"нда жаңа дәўирдиң руўхы, жаңаланыў процесслериниң мазмун-мәниси, халық ушын жаратылып атырған имканиятлар тиккелей ўақыялар, мысаллар ҳәм аналитикалық қатнас арқалы анық сүўретленген. Усы жағынан, китап бүгинги Өзбекстанның келбетин, оның раўажланыў стратегиясы ҳәм келешекке умтылысын аңлаўда әҳмийетли дәрек болып хызмет етеди.
Ҳаким Юлдашев түсирген сүўретлер