Бул темаға Жаслар ислери агентлиги де итибар қаратты.

Агентликтиң мүнәсибетинде жаслардың китапқа болған қызығыўшылығы ҳәм көшелерде ағартыўшылық үлестирип атырған инсанлардың ҳәрекети бәрқулла тән алыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға мүнәсип екени атап өтилди.

Атап өтилиўинше, ҳәзирги күнде көшелерде китап саўдасын заманагөй, тәртипли ҳәм қолайлы форматқа өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар шеңберинде анық әмелий илажлар көрилиўи режелестирилген. Соның ишинде, жанкүйер китапқумар Хайрулла Асадов ҳаққында да:

Жаслар ҳәм китап оқыўға қызығатуғын барлық ўатанласларымызға билим үлестириўди даўам еттириўи ушын оған заманагөй букинист дүканы орнатып бериледи.

Жумысын турақлы ҳәм системалы жолға қойыўы ушын бул жаңа саўда орнына қосымша 2000 нан аслам китап усынылады.