Жол ҳақысын нақ пул түринде төлеген жолаўшылар жәриймаға тартылады

    7 қаңтар 2025 427

    Ташкент қаласында усы жылдың 1-январынан баслап барлық автобусларда жол ҳақыларын нақ пул тәризинде төлеў тоқтатылды. Енди жол ҳақысын нақ пул түринде берген жолаўшы жәриймаға тартылыўы мүмкин.

    Бул ҳаққында Транспорт қадағалаўы инспекциясының Ташкент қалалық аймақлық бөлими инспекторы Салимжон Нишонбоев ӨзАға мәлим етти.

    Атап өтилиўинше, жол ушын төлемлерди нақ пулда төлеў әмелиятының бийкар етилиўи менен билет жыртыўшылар хызмети де тоқтатылды. Бүгинги күнде пайтахтымызда 2644 авто бәндирги бар болып, олардың әтирапында 5500 QR -билетлерди алыў ушын шақапшалар орнатылған. Егер жолаўшы нақ пул арқалы төлеўди қәлесе, QR -билетти сатып алыў ушын төлем инфокиоскларынан пайдаланыўы мүмкин. Жолаўшы бир мәртелик төлем ушын QR-билет алынса жол ҳақысы 3000 сумды, "АТТО" картасы ямаса мобил қосымша арқалы төленгенде 1700 сумды қурайды.

    - Егер жолаўшы жол ҳақысын нақ түрде қабыл ететуғын болса, айдаўшы қабыл етпеўи керек. Жағдай Транспорт инспекциясының аймақлық инспекторлары тәрепинен қадағаланады. Биринши мәрте ескертиў бериледи. Ескертиўге қарамастан ҳуқықбузарлық тәкирарланатуғын болса, белгиленген тәртипте айдаўшыға да, жолаўшыға да ҳәкимшилик протокол рәсмийлестириўге туўра келеди, - дейди Салимжон Нишонбоев

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 144-статьясы ҳәм 145-статьясына тийкарланып ҳәкимшилик протокол рәсмийлестириледи. Яғный, жолаўшыға қарата ҳәкимшилик протокол Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 144-статьясына тийкарланып дүзиледи ҳәм базалық есаплаў муғдарының оннан бир бөлеги муғдарында жәрийма белгиленеди. Ҳәзирги күнде базалық есаплаў муғдары 375 мың болса, 37 мың 500 сум муғдарында пуқара жәриймаға тартылады. "Тошшаҳартрансхизмат" акционерлик жәмийети тәрепинен барлық автобусларға қадағалаў камералары орнатылған.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates