баннер
31 Mar 2025
19:04

    Жол ҳәрекети қатнасыўшыларының жол ҳәрекети қағыйдаларына қатаң әмел етиўи тәмийинленеди

    21 Fevral 2025 1034

    Транспорт қуралын мәс ҳалда басқарғаны ямаса тексериўден өтиўден бас тартқаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленди.

    "Жол ҳәрекети қәўипсизлиги системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы Нызам (ӨРН-1033-санлы, 20.02.2025 ж.) қабыл етилди.

    Жынаят кодексине киргизилген қосымшаларға бола, төмендегилер ушын жынайый жуўапкершилик белгиленди:

    Автомототранспорт қуралларының ҳәм олардың тиркемелериниң (ярым тиркемелериниң) мәмлекетлик номер белгилерин ямаса идентификация номерлерин нызамға қайшы түрде таярлаў, өткериў ямаса олардан пайдаланыў, сондай-ақ оларды қәлбекилестиргени ушын;

    Автомототранспорт қураллары, қалалық электр транспорты қураллары айдаўшыларын ҳәм тракторшы-машинистлерди таярлаў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ, имтиханлар өткериў ҳәм гүўалықлар бериў тәртибин бузғаны ушын;

    Транспорт қуралын мәс ҳалында басқарғаны ямаса тексериўден өтиўден бас тартқаны ушын;

    Транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахстың транспорт қуралын басқарғаны ушын;

    Қысылған тәбийий газде, суйылтырылған нефть газинде ямаса дизель ҳәм газ тәризли жанылғы араласпасында ислейтуғын транспорт қуралларынан пайдаланыўда қәўипсизлик қағыйдаларын бузғаны ушын.

    Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech